Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 26-июнь күни аймақларда санаатты раўажландырыў, бос турған имарат ҳәм жерлерде жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Алдын хабар берилгениндей, 7-июнь күни болып өткен мәжилисте усы бағдардағы жумыслар Әндижан ўәлаяты мысалында талланған еди. Бул сапары Ташкент ўәлаятындағы бар потенциал ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў мәселелери додаланды.

Ташкент ўәлаяты сырт ел инвестицияларын тартыў ушын ең қолайлы аймақ. Барлық қала ҳәм районларда жеткиликли электр энергиясы резерви бар. Тийкарғы тутыныў базарларына өним жеткерип беретуғын жол инфраструктурасы да жақсы раўажланған.

Бирақ ўәлаяттың айырым жерлеринде халықтың жан басына тутыныў товарларын өндириў көлеми мәмлекет бойынша орташа көрсеткишден 2-3 есеге кем. Ўәлаят санаатында аймақлық кәрханалар үлеси бар жоғы 15 процентти қурайды. Бўка, Оққўрғон, Оҳангарон, Паркент, Пскент, Төменги Шыршық сыяқлы районларда санаат бирқанша артта қалған.

Усы ай басында мәмлекетимиз басшысының Ташкент ўәлаятына сапары даўамында 2019-2020-жылларда әмелге асырылатуғын 40 триллион 300 миллиард сумлық 800 ге жақын жойбардан ибарат бағдарлама ислеп шығылған еди. Соннан 300 ден зыятын санаат тараўында әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, бул бағдарда резервлердиң көплигинен келип шығып, аймақлардың санаатын комплексли раўажландырыў бойынша жумысшы топар тәрепинен және 310 қосымша жойбар қәлиплестирилди.

Мәжилисте бул санаат жойбарларының презентациясы өткерилди. Оған бола июнь айы басында тастыйықланған Бағдарлама менен биргеликте ўәлаятта 2019-2022-жылларда улыўма баҳасы дерлик 51 триллион сум болған 636 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.

Бул жойбарлар шеңберинде 4,2 миллиард доллар тиккелей сырт елли инвестицияларды өзлестириў арқалы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин дерлик 2, халық дәраматларын 2,1 есеге арттырыў көзде тутылған. Бул 51 мыңнан артық турақлы жумыс орнын шөлкемлестириў имканиятын береди.

Мәжилисте ҳәр бир жойбар тармақлар, қала ҳәм районлар, коммерциялық банклер кесиминде көрип шығылды. Жуўапкерлерге бул санаат жойбарлары бойынша жоба кестелерин тастыйықлап, оларды өз мүддетинде иске түсириў бойынша тапсырмалар берилди.

Әҳмийетли тәрепи сонда, ўәлаят санаатын раўажландырыў бойынша усыныс етилген жойбарлардың 60 процентиниң инфраструктурасы бар, бирақ бос турған объектлер ҳәм жер майданларына жайластырылды.

Мәмлекет аквтивлерин басқарыў агентлигине тийисли министрликлер ҳәм хожалықлар бирлеспелери менен биргеликте мәмлекет бойынша нәтийжесиз пайдаланылып атырған барлық имарат ҳәм жер майданларын хатлаўдан өткерип, босайтуғынларын исбилерменлерге аукцион арқалы сатыў, инвестиция миннетлемелери менен «ноль»лик баҳада бериў ямаса олардың тийкарында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Меншиклестирилген объектлерди нәтийжели жумсаў бағдарында мүлк ийелеринде айырым машқалалар бар екенлиги атап өтилип, оларды сапластырыў бойынша исбилерменлерге көмеклесиў зәрүрлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының потенциалынан өнимли пайдаланыў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды.

Мәмлекетимизде жәми барлығы болып 21 еркин экономикалық зона ҳәм 150 киши санаат зонасы шөлкемлестирилген болып, олардың аймағында дерлик 1 мың 700 киши кәрхана жумыс алып бармақта. Бирақ айырым кәрханалар инженер-коммуникациялық тармақлары менен жетерли дәрежеде тәмийинленбеген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 21-июньде қабыл етилген «Киши  санаат зоналары жумысын муўапықластырыў ҳәм басқарыўды және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында бул зоналардағы шараятларды жақсылаў, бар кемшиликлерди сапластырыў жоллары белгилеп берилди.

Бул барлық аймақлардығы, соның ишинде, Ташкент ўәлаятындағы киши санаат зоналары ушын да қолайлы болды. Буннан пайдаланып, ўәлаятта санаатты избе-из раўажландырыў, бос объектлер тийкарында жаңа қуўатлықларды иске түсириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Жуўапкерлерге усы система тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда санаатты раўажландырыў бойынша қосымша жойбарларды қәлиплестириўге тапсырма берилди.

Буннан тысқары, мәжилисте тармақлар ҳәм аймақлар бойынша жойбарларды әмелге асырыўда тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў жағдайлары сын көзқарастан көрип шығылды. Жәҳән талаплары тийкарында бәсекиге шыдамлы өндиристи шөлкемлестириў, өним ҳәм хызметлер экспортын арттырыў, логистиканы және де раўажландырыў, жаңа базарларды табыў мәселелерине де айрықша итибар берилди.

ӨзА