Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 13-марттағы «Уллы қазақ шайыры ҳәм ойшылы Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәм 2019-жыл Өзбекстанда Қазақстан жылы мүнәсибети менен мәмлекетимизде көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлар, әдебий ушырасыўлар өткерилмекте.

Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде «Абай ҳәм өзбек әдебияты» атлы турақлы экспозиция жумыс алып бармақта. Өткен жылдан берли уллы шайыр туўылған сәне – 10-август күни Ташкент қаласында орнатылған Абай Қунанбаевтың естелигине мушайра, жаслар арасында көплеген илажлар шөлкемлестирилмекте. «Абай шығармаларының билимданы» жазба жумыслары таңлаўын өткериў де дәстүрге айланбақта.

Усы жылы Абай шығармаларын, насиятларын ҳәм теңсиз мийрасын өзбек тилине шеберлик пенен аўдарған ҳәм 1-орынға мүнәсип көрилген дөретиўши автмобиль менен сыйлықланады.

Қалған орын ийелерине де Қазақстанның мәмлекетимиздеги елшиханасы ҳәм Қазақ миллий мәдений орайы тәрепинен баҳалы саўғалар бериледи. Сыйлықлаў мәресими 10-август күни өткерилиўи режелестирилген.

ӨзА