Мине, бир неше күннен берли «27-июнь – ғалаба хабар қураллары ҳәм баспасөз хызметкерлери күни» мүнәсибети менен орынларда байрамға бағышланған илажлар өткерилмекте.

Усы илажларда мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин терең түсиндирип, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке жеткериў, халықты елимизде ҳәм дүньяда жүз берип атырған жаңалықлар менен таныстырыў, әжайып журналистлик дөретпелери менен халқымыздың ҳүрмет-иззетине ерисип киятырған бир қатар журналистлер ҳәм техник хызметкерлер хошаметленбекте.

Кейинги жылларда журналистлерге, олардың машақатлы мийнетлерине Президентимиз бенен Ҳүкиметимиздиң айрықша итибар қаратып атырғаны, олардың елимиз турмысындағы ролин еле де арттырыў ушын хызмет етпекте.

Усы жыл 27-июнь күни байрам мүнәсибети менен Ташкент қаласындағы Өзбек Миллий академиялық драма театрында өткерилген салтанатлы илажда, Президентимиздиң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилип, бир топар ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ҳүрметли атақ, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланып, солардың қатарында 2009-жылдан берли Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бас редакторы лаўазымында жумыс ислеп киятырған инсан, усы агентликте ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында жумыс ислеп атырған көплеген журналистлердиң устазы Қуўатбай Есебаев «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.

Қ.Есебаев 41 жыл даўамында усы тараўда жумыс иследи. Ол өз мийнет жолын Нөкис районындағы газета редакциясында баслап, республика жасларының газетасы («Қарақалпақстан жаслары») ҳәм балалар ҳәм жас өспиримлер газетасы («Жеткиншек») редакцияларында хабаршы, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер лаўазымларында, сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Журналистика бөлиминиң оқытыўшысы, ғалаба коммуникациялар тараўындағы мониторинг орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы болып ислеп, журналистиканың қыйын, машақатлы ҳәм жуўапкерли жолын басып өтти.

Ол баспасөз тараўында өзиниң белсендилиги, мийнет сүйгишлиги, шөлкемлестириўшилик қәбилети менен танылды.

Қ.Есебаевтың пидәкерлик мийнетлери инабатқа алынып, Қарақалпақстан Республикасы баспасөз ҳәм хабар агентлиги ҳәм Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Ол тек агентликтиң мийнет жәмәәти арасында емес, ал барлық дөретиўши инсанлар арасында журналистлик шеберлиги, кишипейиллиги, пидайылығы менен ҳүрметке еристи, десек қәтелеспеген боламыз. Агентликте ол хабаршылардың мақала, репортаж, жаңалық ҳәм басқа да жанрлардағы материалларын таярлаўда, Президент Пәрманлары, қарарлары, Президентимиздиң сырт ел мәмлекетлериндеги ҳәм республикамыз аймақларындағы сапарлары туўралы оператив ҳәм рәсмий материалларын қарақалпақ тилине аўдарыўда аўдармашылардың жумысын арттырып, республикамыз халқына зәрүр хабарларды, жаңалықларды таныстырыўда өз үлесин қосып келмекте.

Қ.Есебаев республика ушын журналист қәнигелерди таярлаўға да өзиниң үлкен үлесин қосып, оқытыўшылық дәўиринде (1992-2000) устазлық еткен шәкиртлери районлық, қалалық ҳәм тараўлық газеталарда, интернет журналистикасында, телевидение менен радиоларда, сондай-ақ,  басқа да мәмлекетлик жумысларда хызмет етпекте.

Ол алты жыл даўамында журналистиканың нызамлы жумысын жүзеге шығарыў бойынша да жумыс ислеп, республикамыздың жәмийетлик-сиясий өмиринде белсене қатнасып, мийнет сүйгишлиги менен танылды.

Ол ҳәзирги ўақытта өзиниң дөретиўшилик жумысларында ғәрезсизлик идеясы ҳәм елимиздиң жәмийетлик-сиясий тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийети, мазмун-мәниси, жаслар тәрбиясы, руўхый-ағартыўшылық, мәденият, спорт, денсаўлықты сақлаў, аўыл-хожалығы, санаат, өндирис, билимлендириў тараўында ерисилген жетискенликлер, әҳмийетли мәселелер туўралы материаллар таярлап, дөретиўшилик жумысын даўам етпекте. Устаз сыпатында жас журналистлерге устазлық етип, өзиниң турмыслық тәжирийбелерин үйретип келмекте.

Оның өмирлик жолдасы Райхан Сейдуллаева Нөкис педагогикалық колледжиниң бөлим баслығы, улы Ислам Матеков әке жолын даўам етип, журналистика тараўында жумыс ислемекте. Келини Сахибжамал Есемуратова да журналист. Өзи жасайтуғын аймақта журналистлер шаңарағы сыпатында жақсы танылған. Қызы балалар бақшасында тәрбияшы. Үлгили шаңарақ ийеси.

Биз кәсиплеслери ҳәм оның шәкиртлери Қ.Есебаевқа берилген сыйлықты республикамыздың барлық журналистлерине берилген сыйлық ҳәм исеним, деп түсинип, елимиздиң раўажланыўына өткир қәлеми арқалы еле де табыслы хызмет етеди, деген исенимдемиз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.