USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТАШКЕНТТИҢ ИЛИМИЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ, МӘДЕНИЙ ҲӘМ БИЗНЕС ОРАЙЫ СЫПАТЫНДАҒЫ АБЫРАЙЫ АРТПАҚТА

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Tashkent City» халықаралық исбилерменлик орайының қурылыс майданына барды.

Бул заманагөй бизнес орайы сегиз лотқа ажыратылған ҳалда қурылмақта. Усы ўақытқа шекем 7 миллион куб метр топырақ жумыслары орынланып, 50 ден аслам имаратқа беккем тырнақ орнатылды. Бүгинги күнде бетон каркаслар ҳәм дийўаллар қурыў, инженерлик тармақлары тартылмақта.

Конгресс-холл ҳәм Hilton мийманханасы қурылып атырған 5-лот ең алдынғы майданлардан бири болып есапланады. Бул имаратларда темир-бетон, металл конструкция ҳәм имараттың төбесин бастырыў жумыслары жуўмақланып, қурылыс көлеминиң 80 проценттен асламы питкен. Ҳәзирги ўақытта электр тармақларын монтажлаў, ишки безеў ҳәм механика жумыслары орынланбақта.

Мәмлекетимиз басшысына алдыңғы еткен сапары ўақтында көрсетпелердиң орынланыўы ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның ишинде, Конгресс-холлда барлық форматтағы халықаралық илажлар шөлкемлестириў ушын заманагөй шараятлар жаратылмақта. Бул жерде ири саммитлер, абырайлы конференцияларды жоқары дәрежеде өткериў имканияты пайда болады. Сырт ел делегацияларының ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, хызмет көрсетиўшилер ушын зәрүр қолайлықлар жаратылады.

Президент конгресс-холлға тутас қурылған 21 қабатлы, бес жулдызлы Hilton мийманханасын кирип көрди. Жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары менен сәўбетлести.

«Tashkent City» қала қурылысы ҳәм туризм бағдарындағы ең жақсы тәжирийбени өзинде жәмлейди. Атап айтқанда, оның орайында қурылып атырған 60 метрли музыкалы фонтанға ийе бағ және бир туризм объекти болады. Ландшафт дизайни тийкарында қурылатуғын бағда жасалма көл, гүллер парки болып, комплекстиң көркине көрк қосады.

Мәмлекетимиз басшысы Конгресс-холл ҳәм мийманханада жоқары дәрежеде хызмет көрсетиўди жолға қойыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.

Президентимиз Өзбекстан ислам цивилизациясы орайының қурылысы менен танысты.

Шавкат Мирзиёев өткен жылы июнь айында бул жерге символикалық тырнақ тасын қойған, декабрь айында және бир мәрте барып, елимиздиң тарийхын дәўирлер бойынша, ҳәр бир әсирге ҳәм ойшылға байланыслы дәреклер, затлар тийкарында көрсетиў, қурылысты жетилистириўге байланыслы усыныслар берген еди.

Өткен ўақыт даўамында бул жерде үлкен дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Имараттың тийкарғы бөлеги қурылды, ҳәзирги ўақытта имараттың жоқары бөлегинде металл конструкцияларын монтажлаў ҳәм бетон төсеў жумыслары алып барылмақта.

Үш қабатлы орайдың жойбары шығысқа тән усылда исленген болып, оннан конференциялар ҳәм  көргизбе заллары, ески қол жазба ҳәм антиквариатларды оңлаў бөлимлери, тарийхый дәрек ҳәм затларды сақлаў ханалары, китапхана орын алады. Имараттың симметриялық орайында Усман Қураны залы жайласады. Мәлимлеме-ресурс орайы, илимий кафедралар ҳәм басқа да ханалар ең жоқары қабатта болады.

Бүгинги күнде фасад ҳәм залларды көркемлеп безеўге, керамика жумысларына таярлық көрилмекте. Франциялы қәнигелер менен биргеликте аймақтың ландшафт дизайнын жаратыў бойынша жойбар таярланбақта.

Президентимиз қурылысты көзден өткерди, имараттың ишки ҳәм сыртқы көриниси, гүмбездиң реңлери ушын таңланған үлгилер менен танысты. Бул орай ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшылларымыздың мийрасын үйренетуғын, динимиздиң түп мазмун-мәнисин халқымызға жеткеретуғын илимий-ағартыўшылық орын болыўы керек екенлиги атап өтилди.

– Елимиздеги  еки жоқары ҳәм жети орта арнаўлы диний билим бериў орны бул жерде «қайнаўы» керек, оларға да орын бериў керек. Себеби илим усы жерде байытылады, талабалар алған билимин орайдағы уллы ата-бабаларымыздың мийрасына байланыслы баҳалы дәлиллер менен беккемлейди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Ойшылларымыздың уллы мийрасын жас әўладтиң қәлбине сиңдириў ушын залларға олардың естелиги, илимий ойлап табыўлары, қолжазбалары, сол дәўирге байланыслы тарийхый затларды орнатыў бойынша усыныслар берилди. Бул жәмийетте «жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципин күшейтиўде жоқары әҳмийетке ийе.

Бул орай арқалы миллетимиздиң илим-ағартыўшылық, мәденияттың раўажланыўына қосқан үлесин мөрлеп қоймақшымыз, бул уллы мийрасты халқымызға, жасларымызға жеткермекшимиз. Ислам цивилизациясы орайы мине усындай илимий мәкемелер ушын фундаменталлық база болыўы керек. Өзбекстан халықаралық Ислам академиясындағы оқыў ислери бул орай менен үнлес болыўы, студентлер жоқары курсларды усы жерде оқып, оқытыўшылар қәнигелигин арттырыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде Абдулла Қадирий атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы алдында жазыўшының музейи ҳәм оның атына мектеп қурыў жойбары додаланды. Мәмлекетимиз басшысы бул мектепте ардақлы жазыўшымызға сай орталық болыўы, онда билим алған балалар миллий әдебятымызға өзгеше меҳир менен камалға келиўи зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге жойбарды жетилистириў бойынша тапсырмалар берди.

Президентимиз усы жылы 9-май күни – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде келеси жылы Жеңистиң 75 жыллығы байрамы алдынан Ташкент қаласының ең көркем орынларының биринде усы белгили сәнеге бағышлап үлкен Жеңис паркиниң қурылыўын атап өткен еди.

Ҳәзирги ўақытта пайтахтымыздың Алмазар районындағы 11,6 гектар майданда бул бақты қурыў режелестирилмекте. Мәмлекетимиз басшысы оның жойбары ҳәм қурылыс концепциясы менен танысты.

Жеңис паркин қурыўдан мақсет жасларда тарийхымыздан мақтаныш сезимин күшейтиў, Екинши жер жүзилик урыста мәртлик көрсеткен қахарманларымыздың атын мәңгилестириўден ибарат болып табылады.

Бул парк халқымыздың уллы жеңиске қосқан үлесин сәўлелендириўи, ата-бабаларымыздың қаҳарманлығын мәңгилестириўи керек. Бул жерде Екинши жер жүзилик урыстың орталығы, ўатанласларымыз қатнасқан саўашлар ҳаққында мағлыўматлар сәўлеленген болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Парктиң кириў бөлегинде Жеңис аркасы орнатылыўы нәзерде тутылған. Генерал Сабыр Раҳимовтың естелиги алдында жеңил конструкциялы амфитеатр ҳәм үлкен сахна қурылады.

2.jpg

Паркте урыс дәўириниң көринислери, соның ишинде окоп ҳәм блиндажлар, шатырлар, дала асханалары ҳәм басқа да үзиндилер сәўлеленген композициялық комплекслер қурылады. Сол дәўирдеги әскерий техника ҳәм қурал-жарақ көргизбеси ашық аспан астындағы музей ўазыйпасын атқарады. Музей, китапхана, кинотеатр қурылып, Wi-Fi зона, әскерий таярлық ҳәм спорт аймағы және сейил етиў орны шөлкемлестириледи.

Өзбек ҳаялының мәртлиги тымсалы сыпатында Зульфия ана Зокирова, оның урыстан қайтпаған бес перзенти ҳәм жалғыз баслы төрт келининиң естелигине бағышланған «Сабыр-тақат гимни» естелик комплекси орнатылады.

3.jpg

Парктиң мазмун-мәниси, экспозициясын терең ойлаў керек. Ол тек байрам күнлери емес, жыл даўамында ислейтуғын болсын. Бул жерге келген жасларға илҳамлансын ҳәм руўхлансын, мақтаныш сезимин сезсин, бүгинги тыныш күнлердиң қәдирине жетип, ўатансүйиўшилик сезимин беккемлесин, деди Президент.

Қорғаныў ҳәм Мәденият министрликлери, Илимлер академиясы, Көркем өнер академиясы, Ташкент қаласы ҳәкимлигине тарийхшылар ҳәм  кең жәмийетшилик ўәкиллери менен мәсләҳәтлесип, Жеңис паркиниң концепциясын жетилистириў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған бул үлкен жойбарлар пайтахтымыздың илимий-ағартыўшылық, мәдениий ҳәм бизнес орайы сыпатындағы абырайын және де арттырыўға хызмет етеди.

 4.jpg

5.jpg

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

 ӨзАның хабаршылары