USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БИРИНШИ ЯРЫМ ЖЫЛЛЫҚТА КҮТИЛИП АТЫРҒАН НӘТИЙЖЕЛЕР ТАЛЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда усы жылдың биринши ярымында күтилип атырған нәтийжелер ҳәм сапалық өзгерислерди таллаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Жедел инвестиция сиясаты жүргизилип, экономиканың тараўлары ҳәм аймақларға инвестициялар, ең дәслеп, тиккелей сырт ел қаржыларының бағдарланғанлығы, исбилермен ҳәм инвесторларға ҳәр тәреплеме әмелий көмеклесиў бойынша тәсирли механизмлер енгизилип, избе-из әмелге асырылыўы нәтийжесинде жоқары экономикалық өсиў пәтлери тәмийинленип атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың биринши ярым жыллығы жуўмақлары бойынша жалпы ишки өним 5,4 процентке санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 7 процентке, қурылыс ҳәм бөлип алып жумыслары 9,6 процентке ҳәм хызметлер көлеми 13,9 процентке өсиўи күтилмекте. Бул нәтийжелерде ең алды менен, өзлестирилген инвестициялардың дерлик 1,5 есеге өскени ең әҳмийетли фактор болғаны айрықша атап өтилди.

Соның менен бирге, барлық тармақ ҳәм аймақларда толық пайдаланылмай атырған резервлер еле көп екенлиги атап өтилди. Олардың басшыларына заманагөй кәрханалар ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт көлемин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди. Жергиликли бюджетлердиң дәраматлар базасын кеңейтип, қосымша түсимлерди социаллық ҳәм коммунал тараўларды раўажландырыў, аўыл хожалығы ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў, халықтың турмысын жақсылаўға бағдарлаў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.

Мәмлекетимиз басшысының аймақларға сапарлары шеңберинде  ислеп шығылған бағдарламалар ҳәм анық инвестициялық жойбарлардың орынланыўын тезлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Сондай-ақ, мәжилисте қала ҳәм районлардың архитектуралық көринисин жақсылаў, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде турақ жайларды қайта оңлаў ҳәм елатлы пунктлерди абаданластырыў, ишимлик суўы, электр энергиясы тармақлары, жергиликли ҳәм ишки жолларды қурыў-оңлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслардың жағдайлары көрип шығылды. Зәрүр қаржы ҳәм басқа да ресурсларды өз ўақтында ажыратыў және өзлестириў, белгиленген жумысларды сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм мәкемелер, хожалық бирлеспелери ҳәм аймақлар басшыларының есабы тыңланды. Ҳәр бир тармақ ҳәм аймақты раўажландырыў бойынша гөзленген нәтийжелер ҳәм анық ўазыйпалардың булжытпай орынланыўын тәмийинлеў ушын тийисли басшылардың жеке жуўапкершилигин арттырыў илажлары белгиленди.

ӨзА