Мәмлекетимиз басшысы өткен жыл июнь айында Өзбекстан ислам цивилизациясы орайының қурылыўына символикалық тырнақ тасын қойған, декабрь айында бул жерге және бир мәрте барып, елимиздиң тарийхын дәўирлер бойынша, ҳәр бир ойшылға байланыслы дәреклер ҳәм затлар тийкарында көрсетиў, қурылысты жетилистириў бойынша усыныслар берген еди.

Өткен дәўир даўамында бул жерде үлкен дөретиўшилик жумыслары алып барылды. Имараттың жертөле ҳәм дийўаллары қурылды, ҳәзирги ўақытта имараттың жоқары бөлеги металл конструкцияларын монтажлаў ҳәм бетон төсеў жумыслары алып барылмақта.

Үш қабатлы орайдың жойбары шығысқа тән усылда болып, оннан мәресимлер ҳәм ўақытынша көргизбелер заллары, ески қол жазба ҳәм антиквариатларды оңлаў бөлимлери, дүканлар, музей қоймаханалары, хызмет көрсетиў ханалары орын алады. Екинши қабатта китапхана, 550 орынлы конференциялар залы, имараттың симметриялық орайында Усман Қураны залы жайласады. Үшинши қабат мәлимлеме-ресурс орайы, илимий кафедралар ҳәм басқа да ханаларды өз ишине алады.

fe3825e6-a8a1-2dd2-9e44-ac38a692ee80.jpg

Бүгинги күнде франциялы қәнигелер менен биргеликте имараттың дизайны жойбарын таярлаў жумыслары алып барылмақта. Фасад ҳәм залларды көркемлеп безеў, керамика жумыслары бойынша үлгилер таярланды.

Президентимиз қурылысты көзден өткерди, имараттың ишки ҳәм сыртқы көриниси, гүмбездиң реңлери ушын таңланған үлгилер менен танысты. Бул орай ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшылларымыздың мийрасын үйренетуғын, динимиздиң түп мазмун-мәнисин халқымызға жеткеретуғын илимий-ағартыўшылық орын болыўы керек екенлиги атап өтилди.

– Елимиздеги жети орта арнаўлы диний билим бериў орны ҳәм еки жоқары билимлендириў мәкемеси бул жерде «қайнаўы керек», оларға да орын бериў керек. Себеби келешекте илим усы жерде болады, талабалар алған билимин орайдағы уллы ата-бабаларымыздың мийрасына байланыслы баҳалы дәлийллер менен беккемлейди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

aac38081-f273-61ec-cf77-4eba7d3d0c4a.jpg

Ойшылларымыздың уллы мийрасын жас әўладқа сиңдириў ушын залларға олардың естелиги, илимий ойлап табыўлары, қолжазбаларының көширмелери, сол дәўирге байланыслы тарийхый затларды қойыў бойынша усыныслар берилди. Бул жәмийетте «жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципин күшейтиўде жоқары әҳмийетке ийе.

– Бул орай арқалы миллетимиздиң илим-ағартыўшылық, мәденияттың раўажланыўына қосқан үлесин мөрлеп қоймақшымыз, бул уллы мийрасты халқымызға, жасларымызға жеткермекшимиз. Ислам цивилизациясы орайы усы бағдардағы илимий мәкемелер ушын фундаменталлық база болыўы, студентлер жоқары курсларды усы жерде оқып, оқытыўшылар менен қәнигелигин арттырыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

183d0940-8597-ff75-29fb-057e14e4dde0.jpg

390837fc-3a9b-bc08-24e0-319ce244d92d.jpg

9f7462af-6bd9-b65e-2e5a-8c9f38fe0473.jpg

a7e19d35-bde5-1a7a-7a2f-6cfe9c4cf2dc.jpg

5dbe7204-6b82-abc4-b9f5-dcca465118e2.jpg

650cccae-2685-e1fa-93b7-b5cd07e81fa4.jpg

9617dfca-04d2-30c3-be24-bb0b8ac3b889.jpg

59d2b883-b570-7849-09d0-b1f0c8e4b25e.jpg

0bddcadd-7a8d-2bbd-5cdd-47dd0e03820e.jpg

da30e075-0924-4557-5e02-edcc2b7cdb37.jpg

Матназар ЭЛМУРОДОВ, ӨзА