Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы Турешев Парахат Полатович Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына тайынланды.

П.Турешев 1979-жылы Тақыятас қаласында туўылған, миллети қарақалпақ. Тақыятас экономика ҳәм исбилерменлик колледжин, Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги банк иси және  электроэнергетика. Өзиниң мийнет жолын Тақыятас қаласы статистика ҳәм есаплаў орайында қәниге болып ислеўден баслаған. Соң усы бөлимниң жетекши қәнигеси, Қарақалпақстан Республикасы Статистика  басқармасының жетекши қәнигеси, бас қәнигеси, бөлим баслығының орынбасары, бөлим баслығы, Нөкис қаласы Абаданластырыў басқармасының механиги, басқарма баслығы ўазыйпасын атқарыўшы, басқарма баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы лаўазымларында ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги