Нөкис қаласындағы «Қумбыз аўыл» МПЖ аймағында өткен жылы 10 450 квартиралы көп қабатлы турақ жайлар жаңадан қурылып, елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына саўға ретинде пайдаланыўға тапсырылған еди.

Бүгинги күнде усы жерде сондай 10 жай қурылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети техника факультетиниң студентлери усы қурылыста әмелият өтемекте.

– Оқыў-танысыў әмелият басшымыз Рита Пахратдинова бизлерге усы қурылып атырған жайлар сизлер ҳәм келешек жаслардың жақсы жасаўы ушын бой тиклемекте. Сонлықтан, сабақта алған билимлериңизди әмелде  үйренип, тәжирийбе топлап барыўыңыз тийис, деп айтатуғын еди,-дейди факультет студенти Хосият Атажанова. – Бул жайлардың тырнағынан төбесине шекем толық пикерилген. Ҳәзирги ўақытта турақ жайлардың ишки ҳәм сыртқы сыбаў жумыслары алып барылмақта. Дөгерегинде абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Биз бул жерде көп жыллардан берли, қурылыста жумыс ислеп киятырған тәжирийбели апаларымыздан жумыс процесин терең үйрениўге ҳәрекет етип атырмыз. Өзим шплатлёвкалаў жумысларын ислеп атырман. Келешекте маман қәниге болып жетилисип, усындай имаратларды қурыўға өз үлесимизди қосамыз, деп исендиремен.

Әмелият даўам етпекте.

Дилноза Базарбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.