Әл-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының 2-курс студенти К.Зокиров «Hellogram» деп аталған мессенджер жаратты. Бул ҳаққында филиал баспасөз хызмети хабар берди.

– Бул мессенджерде пайдаланыўшылар тек ғана админ тәрепинен блокланады. Усы тәрепинен месседжер басқаларынан ажыралып турады. Бул адамлар арасындағы ҳәр қыйлы түсинбеўшиликлердиң алдын алады. Себеби, программа инсанларға тән болған қатнасықларды түсинбейди. Сол себепли, месенджерде пайдаланыўшылар тек ғана админ тәрепинен блокланады. Мессенджер позитив қатнасықларға бағдарланған болып, қосымша Music, Video, Player хызметлери де орын алған, – дейди мессенджер жаратыўшысы.

Мағлыўматларға қарағанда, мессенджерди жақын күнлерде интернет тармағы арқалы жүклеп алыў имканияты жаратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.