Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж шеңберинде Төрткүл районында жасайтуғын О.Йўлдошев 1300 дана «Трамадол»ды 9 миллион 100 мың сумға, И.Камалбоев болса 1200 дана «Трамадол»ды 7 миллион 200 мың сумға сатып атырған ўақытта усланды.

Сондай-ақ, алынған оператив мағлыўматлар тийкарында Нөкис қаласында жасайтуғын М.Тыныбаевтиң буйымлары тексериўден өткерилгенде, олардың арасында 2033 дана «Трамадол» таблеткасы бар екенлиги анықланды. Соның менен бирге, оның үйинен және 647 дана усындай таблеткалар табылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.