Хабарыңыз бар, 2019-2020-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына абитуриентлерден усы жылдың 15-июнь күнинен баслап ҳүжжетлер қабыл етилмекте.

21-июнь жағдайына муўапық, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына улыўма 185 абитуриенттен ҳүжжетлер қабылланған.

Олар:

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 12;

Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 153;

Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалына 3;

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалына 3;

Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалына 14 абитуриент ҳүжжет тапсырған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.