Ташкентте 21-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

– Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бүгинги жалпы мәжилиси турақлы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышында, жәмийетимиз турмысының барлық тараў ҳәм тармақларында кең көлемли және тезлетилген пәт пенен  демократиялық реформалар жедел алып барылып атырған жуўапкершиликли бир дәўирде болып өтпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

04622f07-4f80-37f3-dcff-b7aa7463a44b.jpg

Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген тийкарғы мақсетлер халқымыздың пидәкерли мийнети себепли избе-из әмелге асырылып атырғаны, миллий экономика ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Президент халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да жақсылаў, Өзбекстаннның халықаралық майдандағы абырайын жоқарылатыўға байланыслы ўазыйпаларды орынлаўда Сенаттың ролин ҳәм тәсирин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Миллий ҳәм аймақлық мәплер көзқарасынан нызамлардың ислеп шығылыўында  сенаторлардың белсендилигин арттырыў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, халық депутатларының жергиликли кеңеслери менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, Сенаттың халықаралық бағдардағы жумысын күшейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

e1ee58aa-c10c-81a1-9096-dbf68e5bbd0a.jpg

– Бизлер Сенат дегенде, биринше гезекте миллий парламентимиздиң сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений дәрежесин әмелде көрсететуғын, халық мәплериниң шын мәнисинде сәўлелендириўшиси ҳәм ҳақыйқый қорғаўшысы болған үлкен бир күшти көз алдымызға келтиремиз. Сенатор – бул халықтың жоқары исенимине ерискен ўәкил. Халқымыз алдында ҳәммемиз жуўапкермиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратыў, оларды социаллық қорғаў, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық және сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

– Бир нәрсени тән алыў керек: ҳаял-қызлар халықтың дәртин басқаларға қарағанда терең сезинеди. Быйыл декабрь айында Олий Мажлис ҳәм жергиликли кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларда мийнеткеш ҳәм ақыллы ҳаял-қызларымыз көп сайланса, оннан мәмлекетимиз де, жәмийетимиз де тек ғана пайда көреди, – деди Президент.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында жаңа комитет – Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлиги мәселелери бойынша комитет дүзиўди усыныс етти.

Бизге белгили, 2015-жылдан берли Сенаттың Баслығы болып жумыс ислеген Ниғматилла Йўлдошев Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры етип тайынланғаны мүнәсибети менен лаўазымынан мүддетинен алдын азат етилген еди.

44bd63b5-66d5-a053-3d58-448ab84383db.jpg

Мәмлекетимиз басшысы, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 86-статьясына тийкарланып, Олий Мажлис Сенатының Баслығы лаўазымына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келген Танзила Норбоеваның кандидатурасын усыныс етти.

Жоқарғы палатаның ағзалары талабан ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. Шығып сөйлегенлер Танзила Норбоева билим ҳәм тәжирийбеси, ўатансүйиўшилиги, жәмийеттеги абырай-мәртебеси, адамгершилик пазыйлетлери менен усы лаўазымға мүнәсип екенлиги, Сенаттың жумысын бүгинги күн талаплары тийкарында жетилистириў бойынша Президенттиң сөзинде билдирилген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыўға таяр екенлигин атап өтти.

Сенаторлар тәрепинен жасырын даўыс бериў жолы менен Сенат Баслығы лаўазымына Танзила Норбоева сайланды.

092ff374-2345-f2fa-b3aa-899b2be1fb22.jpg

Тәнепистен кейин Олий Мажлис жоқарғы палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланды.

Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша Сенаттың тийисли қарарлары қабыл етилди.

ӨзА