Бухаралы миниатюраши художник Даврон Тошев көп жыллардан берли жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланып келетуғын еди. Ол бул өнери арқалы елдиң нәзерине түсип, дүньяны гезди. Елимиз ҳәм сырт мәмлекетлерде өткерилген таңлаўларда табыслы қатнасып, сыйлы орынларды ийелеген. Ең әҳмийетлиси, бүгинги күнде Даврон ағаның өнерин үйренбекши болғанлар тек ғана елимизде емес, ал сырт еллерде де көпшиликти қурайды.

Даврон Тошев мәмлекетимизде исбилерменлерге жаратылған шараятларды итибарсыз қалдырмады. Жақында ол «Бухоро ипак қоғоз» жуўапкерлиги шекленген жәмийетин шөлкемлестирип, 10 нан аслам пуқараны жумыс пенен тәмийинледи.

– Президентимиз бизлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны маған күш-жигер бағышлады, – деди ол. – Жумысшыларымыз бенен бир гектар жер майданды алып тутшылық пенен шуғыллана басладық. Кәрханамыз тут егип, оннан қағаз ислеп шығарыў процесинен баслап таяр қағазларға миниатюралық шығармаларды жаратыў ҳәм олардың саўдасын шөлкемлестириўге қәнигелескен. Қағаз таярлаў процесине қысқаша тоқталып өтетуғын болсақ, кептирилген туттың бүри қайнатылып, араласпа ҳалатына келтириледи. Усы араласпадан суўдың жәрдеминде арнаўлы өлшемде прессленеди. Прессленген қағаз кептирилип, тегисленеди. Бул таяр қағаз узақ жыллар сақланады.

Усы жылғы «Ташаббус» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқышы женимпазлары қатарында миниатюраши художник Даврон Тошев да бар.

Пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын исбилерменлер, фермерлер ҳәм өнерментлер арасында «Ташаббус – 2019» таңлаўының мәмлекетлик басқышының ашылыўы ҳәм көргизбеси болып өтти.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Фермерлер кеңеси, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм Жаслар аўқамы тәрепинен түрли министрликлер ҳәм уйымлардың жәрдеминде ҳәр жылы өткерилип атырған бул таңлаў киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, фермерлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў, миллий өнерментшилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыўда тийкарғы фактор болмақта.

Илаждың ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Актам Ҳайитов, «Өнермент» ассоциациясының баслығы Улуғбек Абдуллаев  және басқалар мәмлекетимиздиң экономикасын түп-тийкарынан структуралық өзгертиў, қысқа мүддетте жаңа тармақларды қурыў, өндиристи модернизациялаў, заманагөй базар инфраструктурасын қәлиплестириўде ең әҳмийетли перспективалы жумысларымыздан бири болған исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге қаратылған илажлар әмелий нәтийжелер берип атырғанын атап өтти.

Бул таңлаў 24 жылдан бери өткерилип келинбекте. Усы жылы оған аймақлардан жәми 6 мың 712 район (қала) исбилерменлик субъектлери өз өнимлери ҳәм хызметлери менен қатнасқан болса, олардан 960 исбилермен, фермер және өнермент Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық басқышларына шығыўға еристи. Таңлаўдың мәмлекетлик басқышында 69 исбилерменлик субъекти Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығын қолға киргизиў имканиятына ийе болды. Бүгин таңлаў шеңберинде шөлкемлестирилген көргизбеде олар өз өнимлери менен хызметлерин пайтахтлылардың дыққатына усынды.

– Мен алты жасымнан баслап Сурхан ҳәм Байсун миллий гилемлерин тоқыўды баслағанман, – деди жас исбилермен Назокат Собирова. – Бул өнер анамнан өткен. Анам да миллий гилемлеримизди тоқыўда үлкен тәжирийбеге ийе. 2014-жылы анам менен шанарақлық исбилерменлик бойынша дизимнен өткен едик. 2016-жылдан болса өзим жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шуғылланып атырман. Бүгин өзимниң өнерим бар. Жумыс орынларын ашып, досларымды жумыс пенен тәмийинледим. Бирақ бул жумыс пенен өнимлеримиздиң саўдасын кеңейтиў қыйын.  Сол себепли және жаңа идеялар үстинде иследим. «Он капа» бизнес жойбарын ислеп шығып, Байсун районы ҳәкимлиги жәрдеминде 3 сотих жер алдым. Бул жерге он капа қурып, туризмди раўажландырыў ҳәм сырт ел мийманларын тартып, өзлеримиз тоқыған миллий гилемлеримиздиң саўдасын кеңейитпекшимен. Бизлерге имканиятлар есигин ашқан «Ташаббус» таңлаўының мәмлекетлик басқышына шыққанымнан жүдә қуўанышлыман.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 22-июнь күни таңлаўдың мәмлекетлик басқышы жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў ҳәм оларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң жоқары сыйлығы «Shevrolet Spark» автомашиналарын тапсырыў мәресими болып өтеди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы Қаҳрамон Қуронбоев шығып сөйледи.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы