Facebook социаллық тармағындағы «Потребители.uz» топарының тийкарын салыўшысы Юлия Николенко тармақтағы өз бетинде Үстирт платосының әжайып көринислери сәўлеленген фотолары менен бөлисти. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.

«Эҳҳ, ҳүрметли Стивен аға Спилберг! Киноны сәйкес орында түсирмедиңиз де, сәйкес орында… Егер Қарақалпақстанға келгениңизде, сизди Үстирт платосына алып барған болар еди. Бул жерде көплеген ушар тарелкалар бар, тек ғана ушпайды. Сизиң ақ үйиңиз сыяқлы үлкен, бирақ сары, қызыл ҳәм көк реңлерде», – деп жазып қалдырған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги