Уснатдинова Жумагүл Шараповна Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри сыпатында жумыс баслады.

2017-жылдың 7-август сәнесинен бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары лаўазымында ислеп келген Ж.Уснатдинова еки жоқары оқыў орнын тамамлаған. Қәнигелиги бойынша рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, қаржы қәнигеси есапланатуғын ол алдын Хожели қаласындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси улыўма бөлиминиң бас қәнигеси,  Министрлер Кеңеси Баслығының социаллық мәселелер бойынша орынбасары секретариаты бас қәнигеси, экономика ҳәм социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының секретариат баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы, соң секретариат баслығы, Министрлер Кеңесиниң орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығының руўхыйлық ислери бойынша орынбасары, Нөкис турмыслық хызметин көрсетиў ҳәм экономика  кәсип өнер колледжиниң директоры лаўазымларын атқарып келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги