Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде Қарақалпақстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық Кеңеси, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери менен илимпазлар, қәнигелер, дөретиўши зыялылардың қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қуўанышбай Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде миллий мәдениятымызды ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли илажлар жасларымыздың руўхый дүньясын жоқарылатыў, оларды миллий турмыс тәризимизге, менталитетимизге жат ҳәм зыянлы идеялардан қорғаў мақсетинде  алып барылып атырғанын атап өтти.

Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтиң 2019-жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийисли министрликлер ҳәм мәкемелердиң, шөлкемлердиң алдына жаслар тәрбиясына байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Бул руўхый-ағартыўшылық тараўында өзара бирге ислесиўди беккемлеў, елимизде жүз берип атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында халқымызды, әсиресе, жасларды және де кеңирек хабардар етиў, оларды ҳәр қыйлы зыянлы идеялардан исенимли қорғаў, миллий ғәрезсизлик идеясы, Ўатанға, халыққа садықлық руўхында тәрбиялаў сыяқлы мәселелер менен терең байланыслы.

Қарарға бола, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық Кеңеси жанындағы «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети менен биргеликте халық арасында кең түрдеги түсиник жумысларын алып бармақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.