Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2019-2020-оқыў жылы ушын бакалавр (күндизги) бағдары бойынша төмендеги тәлим бағдарларына абитуриентлерден ҳүжжетлер қабылланады:

 

1) Математиканы оқытыў методикасы

2) Физика ҳәм астрономияны оқытыў методикасы

3) Химияны оқытыў методикасы

4) Биологияны оқытыў методикасы

5) Географияны оқытыў методикасы

6) Тарийхты оқытыў методикасы

7) Информатиканы оқытыў методикасы

8) Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы

9) Педагогика ҳәм психология

10) Музыкалық тәлим

11) Өзбек тили ҳәм әдебияты

12) Ана тили ҳәм әдебияты: түркмен тили ҳәм әдебияты

13) Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты

14) Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты

15) Ана тили ҳәм әдебияты: қазақ тили ҳәм әдебияты

16) Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты (өзге тилли топарларда) (шифры: 5111306)

17) Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты (өзге тилли топарларда) (шифры: 5111307)

18) Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили

19) Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими

20) Баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық жумысы

21) Мектепке шекемги билимлендириў

22) Дефектология (хызмет түрлери бойынша)

23) Дене мәденияты

24) Дене мәденияты: ҳаял-қызлар спорты

25) Технологиялық билимлендириў

26) Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў

27) Өзге тилли топарларда өзбек тили

28) Мектеп менеджменти

 

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын бакалавр бағдарлары ушын улыўма 1840 орын, соннан 450 мәмлекетлик грант, 1390 төлемли шәртнама тийкарында оқыў ушын орынлар ажыратылған. Институтта абитуриентлерден улыўма 28 тәлим бағдарына ҳүжжетлер қабылланбақта. Солардан быйылғы жылы шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў, өзге тилли топарларда өзбек тили ҳәм мектеп менеджменти бакалавр тәлим бағдарлары жаңадан ашылды. Бакалавр (күндизги) бағдарлары бойынша ҳүжжетлер усы жылдың 15-июнь күнинен баслап институттың өзинде қабыллап басланған болса, бул процесс июль айының 15-сәнесине шекем даўам етеди.

Ҳүжжет қабыллаў ушын абитуриентлерден тек ғана паспорт (паспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғаны ҳаққындағы гүўалық), диплом ямаса аттестат (қосымшасы менен), сондай-ақ, жеңилликке ийе абитуриентлер ушын жеңиллик бериў ушын тийкар болатуғын ҳүжжетти усыныў талап етиледи.

Сондай-ақ, алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлер ҳүжжет тапсырыўы ушын ең кем айлық мийнет ҳақысының ярым есеси муғдарында төлем төлеўи керек. Буның ушын олар банк кассалары, мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етсе болады. Институттың өзинде төлем қабылланбайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.