Бизиң ҳәр биримиз электр энергиясы, газ, суў сыяқлы комуналлық хызмет түрлерине мүтәж екенбиз, оның үзилиске түспеўинен мәпдармыз. Сонлықтан, ҳәр бир пуқара мүмкиншилиги болғанынша усындай хызмет көрсетиўши кәрханалардан қарыздар болмаўға ҳәрекет етеди. Бирақ, елеге шекем гейпара коммунал хызмети кәрханалары қәнигелери тәрепинен айырым кемшиликлерге жол қойылмақта, олардың өз исине немқурайдылығы себепли халық арасында орынлы наразылықлар келип шықпақта.

Мәселен, Хожели районы Б.Қурбанов көшесинде жасаўшы пуқара М.Юсупов районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине арза менен мүрәжат етип,  онда Хожели районлық газ тәмийнаты кәрханасынан оның хожалығының 427 мың 233 сум қарыздарлығы бар екенлиги туўралы ескертиў хаты келгенлигин көрсеткен.

Усы арза жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренилгенинде, оның кәрханадан ҳеш қандай қарызы жоқ екенлиги, ал керисинше келеси айлар ушын оның есабында 231 мың 529 сум артықша пул бар екенлиги анықланған.

***

Төрткүл районы Темир жол көшесинде жасаўшы пуқара Б.Рахматуллаев райондағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине арза менен мүрәжат етип, онда районлық ишимлик суўы тәмийнаты кәрханасынан тийкарсыз түрде оның хожалығының 1 миллион 648 мың 990 сум қарызы бар екенлиги көрсетилген ескертиў хаты келгенлигин билдирген.

Жәмийет тәрепинен мүрәжат үйренилгенинде, Б.Рахматуллаевтың районлық ишимлик суўы тәмийнаты кәрханасынан ҳеш қандай қарызы жоқ екени анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)