Усы жыл 19-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесинде Өзбекстан Республикасы  Министрлер  Кабинети  жанындағы  өсимликлер  карантини мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен кеңейтилген көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының ҳәм басқа да тийисли хызметлердиң  басшылары, қәнигелери, бажыхана басқармасының хызметкерлери, физикалық  ҳәм  юридикалық шахслар, исбилерменлер, дийқан-фермер хожалықлары басшылары қатнасты.

Қабыллаўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы  баслығының орынбасары Б.Муродов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түрде мағлыўмат берди.

Усы хызметтиң республикамызда егилетуғын өсимликлерди сырттан кирип келетуғын ҳәр қыйлы кеселликлерден қорғаўдағы әҳмийети атап өтилип, бул ушын нелерге итибар бериў кереклиги, қандай жумыслар әмелге асырылыўы тийис екенлиги терең түсиндирилди. Усы бағдардағы жумысларды еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

– Бул илаж Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының усы жыл 27-майда өткерген мәжилис баянламасында белгиленген  ўазыйпаларды орынлаў бойынша илажлар режесине муўапық шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша биринши дәрежели қәнигеси М.Пирниязова.

Қабыллаўда тийкарынан пуқаралардың усы тараўға тийисли мүрәжатлары тыңланды.

Мүрәжатлардың айырымлары усы жердиң өзинде өз шешимин тапты ҳәм билдирилген пикир-усыныслар үйренип шығылыўы ушын есапқа алынды.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.