Нәшебентлик. Бул сөзди еситкенде кимниң болса да денеси түршигип, өзин қолайсыз сезгенин билмейде қалады. Себеби, жер жүзинде тез  тарқалып баратырған бул иллет ең қәўипли кеселликлердиң биринен есапланады.

Басқа иллетлерден айырмашылығы сонда ол инсанды тез өзине бойсындырып алады. Олардың арасында ертеңги келешегимиз, өмиримиздиң даўамшылары болған жаслардың, болажақ аналардың, кимниңдур өмирлик жолдасы болатуғын қызларымыздың бар екенлиги ҳәр биримизди тәшўишлендиреди. «Ақ әжел»ге қарсы пүткил дүнья жүзи бойлап биргеликте гүрес алып барылып атырған болса да, оның пүткиллей алдын алыўға ерисилмей атыр.

Бул жолға кирип қалған жасларымыз бенен сәўбетлесип көргенимизде, «қызыққа өзимди сынап көрмекши едим», «Бир мәрте тартып көрсем не болар деп едим», «Жанымдағылар зорлап қоймады», «Өзимниң мәрт екенлигимди басқаларға сынап көрмекши едим»,-деген жуўапларды еситиўимизге туўра келеди. Бул олардың ойлағанындай кеўил көтеретуғын ямаса ҳәзлик ушын пайдаланылатуғын нәрсе емес, ал, дәри-дәрмақлар менен емленип болмайтуғын, аўыр дәрт екенлигин кеш түсинип қалады. Соңғы пушайман, өзиңе душпан дегенлериндей, емлеў орынларына ўақытты өткерип, емлениўи қыйын аўҳалға келгеннен соң келип көринеди.

Инсанды әрманлар батпағына тартатуғын, күнделикли турмыстағы тәшўишлерди ўақтынша умыттыратуғын бул иллет, өзиниң дузағына тез түсиреди.  Оны бир-еки мәрте пайдаланған адам «қәлеген ўақытта қояман ғой»,-деп өтлестирип алады. Оның дузағына илинген адамның қайтап шығыўы қыйын. Барған сайын өзине бейимлестирип, пүткиллей бойсындырып алады.

Айырым пайытлары оның қумары тутқан ўақытта, оны жеңиўге инсанның қудирети жетпей де қалады. Организм нәшебентлик затты талап еткен ўақытта ол қанаатландырылмаса, буўынларда ҳәм қарында қатты аўырыў басланады. Бундай жағдайда адам қандай аҳўалда болыўына қарамастан, оны табыўдың жолына түседи.  Ҳәттеки жынаят жолына кириўге шекем барады.

Ҳуқық қорғаў уйымларынан алынған мағлыўматларға қарағанда, адам өлтириў жынаятларының 70 проценти, урлық ҳәм басқыншылық жынаятларының 80-90 проценти нәшебентлик затларды қабыл етиўшилер тәрепинен исленеди екен. Усыннан көринип турғанындай. нәшебентлик тек инсанның өзи ушын емес. ал, шаңарағы, жәмийетимиз ушын да қәўипли екенлигин көриўимизге болады. Сонлықтанда, нәшебентлик затларды сақлаў, сатыў ҳәм қабыллаў үлкен жынаят болып есапланады.

Ең ашынарлысы бул иллет инсанның бийбаҳа байлығы есапланған өмирин қысқартады. Нәшебентлик пенен турақлы шуғылланыўшылар орта жасқа жетпестен-ақ, бул өмирден көз жумады.  Себеби, оның ақыбетинде инсан денеси зәҳәрленип, жүрек, өкпе, баўыр, бөтекелердиң ислеў функциясы бузылады. Адамның пикирлеў дүньясы төменлеп, ҳеш нәрсеге қызықпайтуғын болып қалады. Сондай-ақ, жуқпалы кеселликлерди арттырып алады. Усының нәтийжесинде сеплис, вирусли гепатит, СПИД сыяқлы жуқпалы кеселликлерге шалынады.

Ҳәр биримиз ушын өмир гөззал, жаслық ғәниймет. Солай екен, жат иллетлердиң қурбанына айланбайық. Елимизде барлық тараўларда жаратылған қолайлықлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, инсанға бир мәрте берилетуғын өмиримизди қуўанышлы ҳәм мазмунлы өткерейик,-демекшимен.

Жадыра ХОЖАМЕТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы

руўхый-неврологиялық диспансериниң шыпакери.