Усы жылдың 17-июнь күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Маджидов Қарақалпақстанға келди.

Министр сапар даўамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаңа оқыў имаратының қурылыс жумыслары менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында институттың 2000 орынлық жаңа оқыў имараты, мәлимлеме-ресурс орайы ҳәм 720 орынлық 4 үлкен аудиториясының қурылыс жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта.

И.Маджидов қурылыс жумысларына унамлы баҳа берер екен, бул жоқары билимли педагог кадрларды таярлаўда материаллық-техникалық базаны жетилистирип ғана қоймастан, заман талапларына сәйкес илим ҳәм билим сырларын өзлестириў ушын тийкар болып хызмет ететуғынлығын айырықша атап өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.