Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы өсимликлер карантини  мәмлекетлик инспекциясының 2019-жыл 31-май күнги «Өзбекстан Республикасы аймақларында өсимликлер карантининдеги жабайы шөплерди жоқ етиў бойынша «Әҳмийетли он бес күнлик» ти шөлкемлескенлик пенен өткериў ҳаққында»ғы буйрығына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы тәрепинен усы мазмундағы буйрық жәрияланып, ҳәзирги ўақытта республикамызда «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары әмелге асырылмақта.

Илажлар шеңберинде инспекцияның агроном-инспекторлары тәрепинен өсимликлер карантиндеги жабайы шөплер ҳаққында семинарлар өткерилип, кең жәмийетшилик арасында оларға қарсы гүресиў жоллары түсиндирилмекте. Айырым районларда анықланған жабайы шөплер бир метрлик тереңликке көмилип, жоқ етиў илажлары алып барылмақта.

Бундағы мақсет – өсимликлер карантини объектлериниң сырт еллерден, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының өсимликлер карантини объектлери тарқалған аймағынан республикамыздың өсимликлер карантини объектлери жоқ болған аймақларына кирип келиўиниң  ҳәм зыян келтириў қәўипиниң алдын алыў, оны шеклеў ҳәм жоқ етиўге қаратылған. Сондай-ақ, республикамызда ишки карантин әҳмийетине ийе болған жабайы шөплер есапланған «сары шөп», «жуўан шыбықлы сары шөп» шырмаўықлар, «кекире» ҳәм «эрман жапырақлы амброзия» бойынша халық арасында кең түрде түсиндириў  жумысларын ҳәм оған қарсы гүресиў жолларын  алып барыўдан ибарат.

-Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы агроном-инспекторлары тәрепинен республикамыздың барлық аймақларында жабайы шөплерди жоқ етиў  бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды,-дейди Жәмәәтшилик пенен байланыслар бойынша биринши дәрежели қәнигеси Муслима Пирниязова. – Кең жәмийетшиликти бул жабайы шөплердиң кери тәсири ҳәм оларға  қарсы гүресиў жоллары бойынша хабардар етиў  мақсетинде, агроном-инспекторлар тәрепинен дийқан-фермер хожалықларында семинарлар шөлкемлестирилди ҳәм бул  илажлар ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилмекте.

-Бүгинги күнде районымыз аймағындағы барлық аўыл хожалығы егинлери  егилген жерлерде, жап-салма ҳәм жол бойларында карантиндеги жабайы шөплерге қарсы карантин бақлаў жумыслары толық өткерилди, -дейди Нөкис районы агроном-инспекторы Аманбай Айтбаев. – Мине усы карантинге алынған жабайы шөплердиң ишинде сары шөп аўыл хожалығы ушын айрықша зыян келтиретуғын жабайы шөплерден саналады.

Бул шөп өсимликлердиң денесине жабысып паразитлик етип жасайды. Оның дүнья жүзинде 220 ға шамалас түри ушырасады. Ал, Өзбекстанда 17 түри анықланған. Бизиң шараятымызда апрель-май айларында өсип шығып, мәдений өсимликлерге жабысады ҳәм олардың өсиўине тосқынлық етеди. Туқымға отырыў ўақты июнь-июль айларына туўра келеди. Бир түби 20-100 мыңға шамалас туқым бериўи мүмкин ҳәм туқымлары 5-8 ҳәм оннан да көп жылларға шекем өзиниң өсиў қәбилетин жоғалтпайды.

Сары шөп пенен араластырылып орылған мал отлары ширип кетеди, өзиниң жуғымлылығын жойтады. Бул шөпте кускудин ҳәм кусталин алкалоидлары болғанлығы себепли оны жеген маллар зәҳәрлениўи де мүмкин.

Сары шөп өсимликлердиң сыртқы қабығын зыянлап, оның зыянкеслерге ҳәм кеселликлерге қарсылығын төменлетеди. Бул шөп кеселлик вирусларын тарқатыўшы хызметин де атқарады, яғный, кесел өсимликлердиң суйықлығы менен бирге кесел вирусын сорып, саў өсимликке өткереди.

Бул шөптиң  тез көбейиў себеплери-оның туқымы менен патасланған туқымларды егиў, патасланған от-жемлик затлар, ҳайўанлар, қуслар арқалы узақ аралықка тарқалыўынан ҳәм толық ширимеген қыйларды атызларға шығарыў болып есапланады.

Сары шөпке қарсы гүресиўдиң ең тийкарғы усылы агротехникалық усыл болып есапланады. Аз көлемдеги сары шөпти қолда орып алып атыз шетине шығарып көмип тасланады. Сары шөпке қарсы гүрести гүллеў ямаса туқымлаў дәўиринде емес, ал ол жаңа шығып киятырғанда баслағанымыз мақул болады. Пахта ҳәм овощ егилген атызларда сары шөп пенен зыянланған өсимлик орып алынып жоқ етилиўи керек. Жоңышқа атызларындағы сары шөплерди жоқ етиў ушын оннан гүллеў дәўири басланбастан бурын жоңышқа топырақтан 3-4 см бийикликте орылады. Бул шөп пенен патасланған атызларда жоңышқа туқымын таярлаўға болмайды.

Сары шөпке қарсы гүресте химиялық илажлардан Раундап ҳәм Пивот препаратларын қолланыў керек.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.