Магистратураға оқыўға тапсырғанда бакалавр басқышында оқыған билимлендириў бағдарының шифры магистратура қәнигелигине сәйкес келиўи шәрт еди. Айырым қәнигеликлердеги шеклеўлерден тысқары бул тәртип бийкар етилиўи мүмкин. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Маджидов Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары студентлери менен болған ушырасыўында атап өтти.

Министрдиң мәлим етиўинше, бул бойынша қарар жойбары ислеп шығылған. Бул жойбар тастыйықланыўы, өзгертилиўи ямаса бийкар етилиўи де мүмкин.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен студентлер менен ушырасыўда тийкарынан оқыў процеслерин әмелият пенен биргеликте алып барыў, баҳалаў системасы, жеңилликлер ҳәм жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелери бойынша еркин пикир алмасылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.