Бангладеш Халық Республикасы Президенти Муҳаммад Абдул Ҳамид мәмлекетимиздиң мәдений-тарийхый орайлары менен танысыў мақсетинде 16-июнь күни Өзбекстанға келди.

«Бухара» халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов, Бухара ўәлаятының ҳәкими Ў. Барноев күтип алды.

Муҳаммад Абдул Ҳамид Бухарадағы Арк қорғаны, Пойи Калон комплекси, Лаби Ҳовуз ансамблинде болып әййемги кенттиң раўажланыў тарийхы менен жақыннан танысты. Баҳоуддин Нақшбандтың тарийхый комплексин зыярат етти.

– Бул естеликлер халқыңыздың бай өтмишинен дәрек береди. Әййемги прогресс ошағы, дүнья илиминиң раўажланыўына үлес қосқан уллы ойшыллар дияры бүгин де мәденият ҳәм ағартыўшылық орайы болып қалмақта, – деди Муҳаммад Абдул Ҳамид.

Бангладеш Президенти 17-июнь күни пайтахтымыздағы Ҳәзирети Имам комплексинде болды.

Мийманға Қаффол Шоший мақбарасы, Барақхон ҳәм Муйи Муборак медреселери, Тилла Шайх, Намазгоҳ мешитлериниң тарийхы, аймақта әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, атап айтқанда, Ташкент қаласындағы Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жоқары мәртебели мийман Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ислам динин үйрениў, оның инсаныйлық идеяларын кеңнен ен жайдырыў бағдарында алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.

Муҳаммад Абдул Ҳамид Термурийлер тарийхы мәмлекетлик музейинде Саҳыбқыран ҳәм оның әўладлары ҳаққында сөз ететуғын рәңбәрең экспонатлар менен де танысты. Ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.

Бангладеш Президенти Ташкент ўәлаяты Шыршық қаласындағы «UZTEX GROUP» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды.

2009-жылы иске  түсирилген бул кәрханада пахтадан гезлемелер, таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарады. Жылына 7 мың тонна  ийирилген жип таярланады. Кәрхана өнимлери оғада өтимли болып, тийкарғы бөлеги Россия, Украина, Беларусь, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи. Келешекте Бангладешке де жеткерип бериў режелестирилмекте.

Жоқары мәртебели мийман бул жердеги заманагөй технологиялар тийкарында пахта талшығынан ийирилген жип ислеп шығарыў, қадақлаў ҳәм экспортқа бағдарлаўға шекемги болған процесс пенен танысты.

-Экономиканың барлық тараўларында, тийкарынан, тоқымашылық тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм кеңейтиўден мәпдармыз, – деди Бангладеш Президенти.

Муҳаммад Абдул Ҳамидтиң мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

1.JPG

3.JPG

6.JPG

8.JPG

9.JPG

ӨзА