«Ўзтрансгаз» АЖ Қарақалпақстангаз филиалында, филиал ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық, «Тутыныўшының ҳуқықы бәрқулла нызам қорғаўында» темасында мәжилис өткерилди. Оған Федерация ҳәм филиал хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте филиал баслығы Х.Айманов, «Өзбекнефтьгаз» АЖның мүрәжатлар бойынша бөлим баслығы Д.Юлдашев, Өзбекстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы баслығының орынбасары Н.Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тутыныўшылардың ҳуқықлары, оларды нызамға муўапық қорғаў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар ҳәм оның себеплери туўралы сөз етилип, ҳеш бир мүрәжат дыққаттан шетте қалмайтуғынлығы атап өтилди.

Филиал ҳәм оның район (қала)лық бөлимлеринде мыңнан аслам жумысшылар мийнет етпекте. Сонлықтан филиалда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўде, халықты қыйнап атырған машқалаларды системалы түрде үйренип, анық шешиўде нәтийжели жәмийетлик қадағалаўдың орнатылыўын тәмийинлеў мақсетинде социаллық шериклик тийкарында Таяныш топар (басланғыш шөлкем)ды шөлкемлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Таяныш топарды шөлкемлестириўден мақсет – усы мәкемеде тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының жәмийетлик тийкардағы өз ўәкили болыўын тәмийинлеў, сол арқалы усы мәкемеде ислеп атырған пуқаралардың арза ҳәм шағымларын өз орнында шешиў, болар-болмас арзалардың жоқары шөлкемлерге жетип келмеўиниң алдын алыў ҳәм шөлкем басшылары менен биргеликте машқалаларды шешиўди жолға қойыўдан ибарат.

Мәжилисте билдирилген пикир-усыныслар инабатқа алынып тийисли шешим қабыл етилди.

Мәжилис қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.