Республика жумысшы топарының ағзалары Қанлыкөл районындағы “KANTEKS INBEST” жеке меншик кәрханасына барды. Онда O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Хайтов, жуўапкер хызметкери Г.Халмуратова, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов ҳәм басқалар кәрханадағы жумыслардың барысы ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлер менен танысты.

Илажда тийкарынан партияның идеялық мақсети ҳәм ўазыйпалары, сиясий партияның бүгинги күндеги жумыслары, төменги буўынларындағы жумысларды еле де жақсылаў мәселелери додаланды.

Усы кәрхананың жыллық қуўатлылығы натурал баҳада 220 миллион сумлық 11 мың тонна пахта өнимин қайта ислеп, 8-9 мың тонна жип орамын ислеп шығарады. Ҳәзирги күнде бул кәрханада 550 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген.

– Бүгинги күнде район бойынша партиямыздың қатары кеңейип, саны 2 мың 140 адамға жетти,-дейди O’zLiDeP Қанлыкөл районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Д.Аметов. – Усы кәрханадағы ушырасыўда және бир төменги буўын шөлкемлестирилди. Кәрханада ислейтуғын 20 пуқара партияға қабыл етилип, оларға ағзалық билетлери тапсырылды.

Cоң топар ағзалары Қоңырат районындағы “Uz-Kor Gaz Chemical” қоспа кәрханасына барды. Ол жерде де елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпалары түсиндирилди. Бул комплекс Орайлық Азиядағы ири санаат кәрханаларының бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде бир ярым мыңнан аслам адам жумыс ислемекте.

Топар ағзалары усы жердеги партия белсендилериниң жумысы менен танысып, 200 ге шамалас жумысшыны жаңадан ағзалыққа қабыл етти ҳәм оларға ағзалық билетлерин тапсырды.

Мойнақ районына сапары даўамында топар ағзалары райондағы әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Бул жерде исбилерменлер ҳәм фермерлер менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўларда ишимлик суўы мәселелери ортаға тасланып, кеңес тәрепинен 200 орында 3 жылға 7 процентли 500 миллион сум қаржы ажыратыў есесине артезиан қудықларын қазып бериў жумыслары келисип алынды ҳәм усы күнниң өзинде шөлкемлестириўшилик жумыслары баслап жиберилди.

Сондай-ақ, аймақтың ықлым шараяты, жайласқан аймағының кеңлиги, қамыслықларға бай екени есапқа алынып, райондағы «Райимбек фермер» хожалығында улыўма баҳасы 330 миллион сумлық, шарўашылық ушын азықлық от-шөплерди таярлайтуғын цехты иске түсириўге келисип алынды.

Буннан басқа усы районда түйе таўық бағыў ушын имканиятлар көп екенлиги есапқа алынып, 5000 дана түйе таўық жеткерип бериўге келисип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.