Усы жылдың сентябрь айынан баслап Қараөзек районында “Shamshirgaron effekt” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы тигиўшилик цехында дәслепки өним шығарыла баслады.

Тийкарынан ерлер шалбарын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген кәрханаға «Миллий банк»тиң Бухара ўәлаяты бөлиминен алынған 290 миллион сум жеңиллетилген кредит есабынан Қытай, Германия ҳәм Япония сыяқлы раўажланған еллерде ислеп шығарылған заманагөй үскенелер алып келинди. Бүгинги күнде 25 ҳаял-қыз, соның ишинде кәсип-өнер колледжлериниң питкериўшилери турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Олар арасында имканияты шекленген еки пуқара мийнет етпекте. Ҳәзирги ўақытта ҳәр күни 100, айына 3000 данадан зыят өним ислеп шығарылмақта. Бул өнимлерге ишки ҳәм сыртқы базарларда талап күшли. Соны есапқа алған ҳалда өнимниң бир бөлегин Қазақстан ҳәм Россия еллерине экспорт етиў режелестирилген.

Кәрхана баслығы Фаррух Расуловтың атап өткениндей, жақын күнлерде өндиристи кеңейтиў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан жаңалаў, өним түрлерин көбейтиў ҳәм оның сапасын арттырыў илажлары көрилмекте. Усының есабынан қосымша 40-50 жаңа жумыс орны жаратылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы