Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң кәсиплик билимлендириў орайы Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик билимлендириў басқармасына қараслы болған оқыў орынларының 3-басқыш оқыўшылары арасында «Биз, жаслар Ўатанымызға хызмет етиўде ҳүжданлы, инсаплы ҳәм ҳадал болыўымыз шәрт» ураны астында «Коррупция – әдиллик жемириўшиси» атамасындағы шығармалар таңлаўы болып өтти.

Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы бойынша 95 академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринен улыўма 24136 оқыўшы қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.