Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Маджидов, Мәмлекетлик тест орайы директоры М.Каримов ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў инспекциясы баслығының биринши орынбасары Ҳ.Кетмонов қатнасыўында 2019-2020-оқыў жылына арналған баспасөз конференциясы болып өтти. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Мәмлекетлик тест орайы директоры М.Каримов быйылғы тест имтиханлары қашан басланып, қашан жуўмақланыўы жобаластырылып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берди.

«Абитуриент кириўде ҳүжжет тапсырмайды, тек ғана көрсетеди ҳәм дизимнен өтип, алып кетеди.

Быйылғы жылы тест сынақлары 69 үлкен сыйымлылыққа ийе имаратларда өткериледи. Тест имтиханлары болып өтетуғын имаратларға орнатылған бақлаў камераларының саны көбейтиледи. Қадаған етилген предметлерди алып кириўдиң алдын алыў шаралары күшейтиледи, қадаған етилген предметлер, сигналларды тосатуғын қурылмалар орнатылады. Телефон алып кириў улыўма пайдасыз.

Быйыл абитуриентлер республиканың қәлеген аймағынан ҳүжжет тапсырып, басқа аймақта тест имтиханынан өтиўи мүмкин. Тек ғана олар дизимге алынып атырғанда қай жерде тапсырмақшы екенлигин көрсетиўи керек.

Абитуриентлер бир ўақыттың өзинде 3 бағдарға ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

Мәмлекетлик тест орайының сайтында ҳәр бир абитуриентте персонал кабинет болады. Абитуриентлер тест тапсырған күнниң ертеңине өз нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин. Оқыўға кирген ямаса кирмегенин болса барлық тестлер жуўмақланғаннан бир ҳәптеден соң билиўи мүмкин болады.

Жобаға муўапық, тестлер 25-июльда басланады ҳәм 20-август күнине шекем даўам етеди», – деп айтып өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.