Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўға инновацияларды енгизиў және изертлеў басқармасы баслығы Б.Худанов Германияның Виттен/Хердекке университетинде хызмет сапарында болып, инновациялық жойбарлар ҳәм исленбелерди елимизде кеңнен енгизиў бойынша сәўбетлесиў өткерди.

Германиялық қәнигелер менен министрлик тәрепинен Мойнақ районында шөлкемлестирилиўи жобаластырылып атырған телемедицинаға тийкарланған инновациялық клиника жойбары додаланды. Сырт елли экспертлер жойбарға жоқары баҳа берди ҳәм ол орайдан узақта жайласқан халық ушын үлкен әҳмийетке ийе екенлиги, халықтың ўақты және қәрежетлерин үнемлеў, соның менен бирге, диагнозлаў ҳәм мәсләҳәт бериў сапасын жақсылаўға хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Бул система Австралия, АҚШ, Нидерландия, Германия, Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлерде кең қолланылып атырғаны ҳәм бул халықтың кеўлинен шығып атырғаны атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.