Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 14-июнь күни шама менен саат 20:32 – 20:38 лер аралығында жүз берген күшли самалдың тезлиги 18-23 м/с қа тең болған. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.

Күшли самал ақыбетинде Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесинде жайласқан көп этажлы 32-жай, Ережепов көшесиндеги көп этажлы 10-жай, «Сәрбиназ» МПЖда жайласқан көп этажлы 4/24-жай, «Саманбай» МПЖ Сүўенли көшесиндеги 6-жай, Қутлы қоныс көшесиндеги номерсиз жай, «Қызкеткен» МПЖ Айбек көшесиндеги 100-жай ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайының төбеси ушып түскен (булар тек Айырықша жағдайлар басқармасына келип түскен мағлыўматлар).

Жүз берген жағдайдың ақыбетлерин сапластырыў ушын басқарманың әскерий хызметкерлери ҳәм Қутқарыў отрядының жеке қурамы саат 20:45 те берилген «Жыйын» сигналы менен топланған. Саат 21:10 нан баслап Нөкис қалалық Айырықша жағдайларда олардың алдын алыў ҳәм ҳәрекетлениў мәмлекетлик системасы (АЖМТ) хызметлери менен биргеликте басқарманың жеке қурамы топарларға бөлинген ҳалда жүз берген апатшылық ақыбетлерин сапластырыў илажларын баслап жиберген.

Нөкис қалалық АЖМТ хызметлери менен биргеликте басқарманың жеке қурамы тәрепинен төмендеги илажлар әмелге асырылды:

Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесинде жайласқан көп этажлы 32-жай, Ережепов көшесиндеги көп этажлы 10-жай, «Сәрбиназ» МПЖда жайласқан көп этажлы 4/24-жай, «Саманбай» МПЖ Сүўенли көшесиндеги 6-жай, Қутлы қоныс көшесиндеги номерсиз жай, «Қызкеткен» МПЖ Айбек көшесиндеги 100-жайлардың төбесинен ушып түсип, жолда транспорт қатнаўына кесент еткен бөлеклерден (шифер, суўағарлар) тазаланды, көп этажлы жайлардың төбесинде асылып қалған ҳәм халықтың өмирине қәўип туўдырыўы мүмкин болған шиферлер арнаўлы әсбап-үскенелер жәрдеминде кесип алынып, қәўипсиз аймаққа көширилди.

Жүз берген жағдай ақыбетинде саат 20:40 тан баслап Нөкис қаласының айырым көшелеринде электр токы тәмийнатында үзилислер болды. Нөкис қалалық электр тәмийнаты кәрханасының авариялық топарлары менен биргеликте күшли самал ақыбетинде электр токы тәмийнатынан үзилген аймақларда авариялық-тиклеў жумыслары алып барылды.

Басқарма әскерий хызметкерлери ҳәм Қутқарыў отрядлары тәрепинен жүз берген жағдай ақыбетлерин сапластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.

Еслетип өтемиз, 14-июнь күни 6 минут даўам еткен күшли самал ақыбетинде көп этажлы жайлардың (олардың көпшилиги жаңадан қурылған жайлар) төбесинен ушқан шиферлер, суўағарлардан сол жерлерде турған автомашиналар зыян көрди. Күшли самал көп жыллық үлкен тереклерди де қулатып кетти.

Көрилген зыян бойынша қосымша мағлыўмат беремиз. Сайтымызды бақлап барың.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.