Усы жылдың 8-9-ноябрь күнлери Ташкентте Журналистлерди қайта таярлаў орайы менен ЮНЕСКОның Өзбекистандағы ўәкилханасының қоллап-қуўатлаўында «Дата-журналистика ҳәм ҒХҚ ушын материал таярлаў» темасында тренинг болып өтти.

Шет елли тренерлер алып барған илажға елимиздеги ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Бүгинги күнде журналистика жедел пәт пенен трансформацияланыўшы мәлимлеме майданында күшли өзгериске ушырады. Соңғы жылларда ҒХҚның дүнья жүзилик базарларында оғада қызықлы қубылыс жүз берди. Яғный, журналистикада айрықша қәнигелескен жатнасыўды талап ететуғын жаңа тараў жүзеге келмекте. Бул жерде сөз – дата-журналистика (data – инглисше «мағлыўмат») жанры ҳаққында болып, оны сөзбе-сөз аўдарсақ мағлыўматлар журналистикасы деп атаўға болады. Дата-журналистика – жаңа жанр болып, мәлимлемени жеткериўде жәмийетке қолайлы мағлыўматлар базасынан пайдаланыў болып табылады. Яғный, статистикалық мағлыўматлар, графика, дизимлер, карталар ҳәм басқалар. Бул мағлыўматларға журналистиканың дәстүрий, мысалы, баспа текст, фото сыяқлы түрлери қосылады.  Солай етип, өзиниң әдеттеги формаларында қабылланыўы қыйын болған мағлыўматлар аудитория ушын түсиникли ҳәм әпиўайы болады.

Дата-журналистиканың кең ен жайыўының бир бағдары саналған визуализациялаў усылы (көриниске келтириў) материалларды рәң-бәрең, қызықлы ҳәм тартымлы етеди. Сонлықтан дүньяға белгили ҒХҚ усы жанрдан кеңнен пайдаланады. Бул жанр бойынша билим бериў АҚШ, Англия сыяқлы еллердиң жоқары оқыў орынлары билимлендириў бағдарламаларына киргизилген.

Өткерилген тренингтиң мақсети қатнасыўшыларға дата-журналистиканың өзгешелигин, имканиятларын, визуализациялаў, мультимедиалық форматлардағы ашық мағлыўматлардан пайдаланыў көнликпелерин үйретиў болып табылады.

Илажда қатнасыўшылар өз ҒХҚында басыў ушын актуал ҳәм қызықлы контентлерди жаратыў бойынша бир қатар әмелий шынығыўлар иследи.

Жойбар шеңберинде Өзбекистан Миллий университети журналистика ҳәм Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети «Халықаралық журналистика» факультетлеринде шеберлик сабақлары өткерилди. Студентлер жаңа жанрдың қолланылыўы ҳәм санлы мағлыўматларды визуализациялаўдағы (көриниске келтириўдеги) әҳмийетли мәселелер бойынша жаңа билимлер алды.

 

Е.ҚАНААТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры