Усы жылдың май айы бюро хызметинде алимент айлығы деп жәрияланғаны мүнәсибети менен, Қарақалпақстанның барлық аймақларында ажырасқан ерли-зайыпларды өз-ара жарастырыў бағдарында үлгили жумыслар әмелге асырылды.

Бюроның бир ғана Нөкис қалалық бөлими хызметкерлериниң ҳәрекетлери, үгит-нәсият жумыслары себепли май айында 43 ерли-зайып өз-ара жарастырылды.

Мәселен, пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2018-жыл 8-сентябрь күнги атқарыў ҳүжжетине муўапық қарыздар М.Мустановтан өндириўши С.Қалмуратованың пайдасына тәрбиясындағы 3 перзентиниң тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бойынша еки тәрептиң өз-ара жарасқанлығы себепли, судқа бул ҳаққында усыныс киргизилди.

Сондай-ақ, бюроның Нөкис қалалық бөлими хызметкерлериниң ҳәрекетлери нәтийжесинде усы жылдың 4-июнь күни Нөкис қаласында жасайтуғын Нызаматдиновлар, Арзиевлер ҳәм Хожановлар шаңарағының ерли-зайыплары жарастырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.