Усы жылдың 10-14-июнь күнлери Жиззақ қаласында Өзбекстан-Қазақстан Қоспа демаркациялық комиссиясының гезектеги жыйналысы болып өтти. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, ушырасыўда мәмлекетлер аралық шегара демаркациясы бойынша жуўмақлаўшы ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў бойынша жумыслар даўам еттирилди және Арал теңизиниң қурып қалған бөлиминдеги Өзбекстан-Қазақстан Мәмлекетлик шегарасы участкасында дала демаркациялық жумысларының орынланыўы бойынша пикир алмасылды.

Сөйлесиўлер жуўмақларында делегация басшылары Өзбекстан Республикасы Жергеодезкадастр мәмлекетлик комитети баслығының биринши орынбасары Т.Абдуллаев ҳәм Қазақстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң арнаўлы тапсырмалар бойынша Елшиси З.Аманжолова тийисли Протоколға қол қойды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.