Ташкентте 13-июнь күни «Орайлық Азия, Монголия, Кавказ ҳәм Аўғанстан» (КАМКА) регионаллық форумы өз жумысын баслады.

КАМКА регионаллық тармағы, АҚШтың Орайлық Азия ҳәм Кавказ институты, «Рамсфелд» фонды басламасы менен шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы Сенаты ағзалары, тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер, сондай-ақ, дүньяның 20 мәмлекетинен келген 300 ден зыят қатнасыўшы, халықаралық шөлкем ҳәм институтлардың ўәкиллери қатнаспақта.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, АҚШтың Орайлық Азия ҳәм Кавказ институты баслығы Ф.Старр, КАМКАның Өзбекстан бойынша миллий муўапықластырыўшысы М.Муҳитдинов ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Регионаллық форум Орайлық Азия ҳәм Кавказ мәмлекетлериниң социаллық-экономикалық раўажланыўына байланыслы мәселелер бойынша пикир алысыў платформасы сыпатында 2004-жылы енгизилген. Форум сиясий мақсетлерди нәзерде тутпайды.

Бул ретки форум «КАМКА: улыўмалық мәплер, улыўмалық умтылыслар» темасына бағышланды.

Форумның биринши күнги жалпы мәжилислеринде регионаллық саўда, транспорт ҳәм транзит, инвестицияларды тартыў, Орайлық Азия ҳәм Кавказ мәмлекетлериниң өз-ара экономикалық ҳәм бизнес байланысларын беккемлеў, исбилерменлик ҳәм инновациялар, инсан капиталы, билимлендириў, туризм ҳәм ҒХҚны раўажландырыў сыяқлы мәселелерди  додалаўлар өткерилди.

КАМКА саўда регионында раўажланыў белгилерин таллаўда халықаралық экспертлер Өзбекстанда алып барылып атырған экономикалық тараўларға унамлы баҳа берди.

-Дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарында АҚШта өзиниң экономикалық раўажланыўына басқышпа-басқыш ерискен,-дейди америкалы экономист, «Laffer Associates» компаниясының бас директоры А. Лаффер.- Өзбекстан да әҳмийетли экономикалық раўажланыўға қарай исенимли қәдем таслап атырғанын атап өтиў керек.

АҚШтың Орайлық Азия ҳәм Кавказ институтының үлкен илимий хызметкери Мамука Тсерелидиң пикиринше, тәбийғый ресурслар, инсан капиталына бай Өзбекстанда экономика, қәўипсизлик тараўлары ҳәм инвестицияларды тартыў бағдарында алып барылып атырған реформалар тек ғана мәмлекеттиң раўажланыўы менен бирге регионның раўажланыўына да хызмет етеди.

Форумда Орайлық Азия регионы мәмлекетлеринде өз-ара бирге ислесиў байланыслары барған сайын жеделлесип атырғаны, бунда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы әҳмийетли фактор болып атырғаны айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлериниң транзит-логистика потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, мәмлекет шегараларын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў процесин тез жуўмақлаў бойынша усыныслары регионның саўда-экономикалық бирге ислесиўин жоқары пәтте тәмийинлеў имканиятын берип атыр.

Халықаралық форум шеңбериндеги додалаўларда Аўғанстанда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша орын берилди. Бул мәмлекетте тынышлықты орнатыў регионда турақлы раўажланыўдың әҳмийетли факторы екенлиги көз қарасынан саўда-экономикалық, инвестиция, туризм тараўларында шерикликти жеделлестириў бойынша пикирлер билдирилди.

photo5190601306342009778.jpg

photo5190601306342009779.jpg

photo5190601306342009781.jpg

photo5190601306342009784.jpg

Малоҳат Ҳусанова,

ӨзАның хабаршысы