Әдиллик министрлиги быйылғы жылдан баслап енгизилген айырым категориядағы (алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлер) абитуриентлерден жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғанда алынатуғын ең кем мийнет ҳақының 50 проценти муғдарындағы төлемнен тысқары және ең кем мийнет ҳақының 50 проценти муғдарында төлем бар екенлиги ҳаққындағы хабарға мүнәсибет билдирди, деп жазады Kun.uz.

«Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ҳүжжетлерди қабыл еткени ушын қосымша төлем жоқ, тек ғана бир мәрте төлем болады. Тек ғана бир төлем – ең кем айлық мийнет ҳақының 50 проценти, Мәмлекетлик тест орайына тест тапсырғаны ушын өндириледи, болғаны», – деп жазылған Әдиллик министрлигиниң Баспасөз хызмети хабарында.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги де Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы белгиленген жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырғаны ушын, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерди көрсеткени ушын төлем өндирилмейтуғынлығын мәлим еткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.