Бүгин барлық мәмлекетлер глобаллық раўажланыў мақсетлерине исенимли қәдем тасламақта. Бул умтылыс әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша пикир алысыў барысында оларға биргеликте шишим табыў, инсаният жәмийетшилиги ушын бирден-бир тәғдир идеясын қәлиплестириў имканиятын бермекте.

Атап айтқанда, Шанхай шөлкеми өз жумысы шеңберинде жаңа мазмундағы халықаралық қатнасықларды алға қойыўға айрықша итибар бермекте. Усы арқалы турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў жолындағы регионаллық бирге ислесиў жумысы халықаралық жәмийетшилик пенен үнлес болып бармақта.

Қытайда 2001-жыл 15-июньде Шанхай бирге ислесиў шөлкеми декларациясы қабыл етилди ҳәм дүнья сиясий тарийхында жаңа регионаллық структураға тийкар салынды.

Өзбекстан шөлкемниң ағзасы ҳәм тийкарын салыўшыларының бири сыпатында ШБШ шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў тәрепдары болып табылады. Мәмлекетимиз бүгинги күнде ШБШның көп тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў, терроризм, экстремизм, наркотик затлардың нызамсыз саўдасы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўларындағы ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлап келмекте.

Өткен ўақыт даўамында шөлкем регионаллық бирге ислесиўдиң халықаралық шөлкемлер менен нәтийжели шериклик түрин жарата алғанын атап өтиў керек. Оны шөлкемге ағза мәмлекетлердиң тең ҳуқықлылық тийкарында бирлесиўи, структура жумысының басқа да мәмлекетлердиң мәпине қарсы қаратылмағаны, демократиялық, әдил ҳәм ақылға уғрас жаңа сиясий және экономикалық тәртипти жаратыўға болған умтылысы менен түсиндириў мүмкин.

Бүгинги күнде шөлкемниң салмақлы шартнамалық-ҳуқықый базасы қәлиплестирилген, 30 ға шамалас жумысшы уйымы жумыс алып бармақта. ШБШ Евразия регионы улыўма аймағының 60 процентин қурайды. Оған ағза мәмлекетлер аймағында 3 миллиардқа шамалас халық жасайды. Бул болса оның тийкарғы жумыс бағдарлары – экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регионаллық қәўипсизликти беккемлеўдеги потенциалын арттырыўға хызмет етеди. Оны ШБШға ағза мәмлекетлердиң экономикасы жәҳән экономикасының 20 процентин қурап атырғаны да тастыйықлайды.

Дүнья жүзинде абырайы артып атырған шөлкемниң түрли қәўиплерге қарсы биргеликте гүресиў, тынышлық, абадан турмысқа ерисиўдей ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда резиденциясы Ташкентте жайласқан Регионаллық антитеррорлық структурасының жумысы да әҳмийетли орын ийелейди.

ШБШға ҳәр жылы ағза мәмлекетлерден бири басшылық етеди. Өзбекстанның шөлкемге басшылық еткен дәўиринде көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын ислеп шығыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң ушырасыўлары механизми жаратылды. ШБШ Регионаллық антитеррорлық структурасына басшылық етиў тәртиби ҳәм ШБШ бақлаўшыларының шөлкемдеги статусы белгиленди. Сондай-ақ, БМШ менен байланыслар орнатылды, шөлкемге жаңа ағзаларды қабыл етиў қағыйдалары тастыйықланды. Ҳиндстан ҳәм Пакистанның ШБШ ағзасы статусын қабыл етиўлериндеги миннетлемелери сәўлеленген меморандумға қол қойылды.

Кейинги жылларда Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған бир қатар баслама ҳәм усыныслар ШБШның ролин күшейтиў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Регионаллық антитеррорлық структурасының шөлкемлестириў ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилип, шөлкемниң глобал мәлимлеме маканында жүзеге келетуғын қәўиплерди мониторинг етиў ҳәм оларға

қарсы гүресиў системасы бойынша ўәкилликлери анық белгиленгени пикиримизге мысал бола алады.

Бүгин дүнья терроризм ҳәм экстремизм қәўипи менен жүзбе-жүз келмекте. Көпшилик жағдайларда жас әўлад ўәкиллериниң бул қәўиплердиң астында қалып атырғаны оның қәўипин және де арттырып атыр.

Усы мәнисте Президентимиз 2017-жыл июнь айында Нур-Султан қаласында өткен саммитте жас әўладты түрли террористлик ҳәм радикаллық структуралардың жумысына тартылыўына жол қоймаў бойынша анық қоспа илажларды қабыл етиў, олардың руўхый-әдеп-икрамлы бәркамал әўлад болып жетилисиўине айрықша итибар бериў зәрүрлигин атап өтти.

Таза ислам ағартыўшылығын кеңнен ен жайдырыў мақсетинде Самарқанд қаласында Ислам бирге ислесиў шөлкеми жәрдеминде шөлкемлестирилген Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының жумысында шөлкемге ағза мәмлекетлер диний мәкемелерди қатнасыўға шақырды. Буның миллетлераралық, мәдениятлараралық қатнасықларды беккемлеўдеги орны жоқары екени барлық қатнасыўшылар тәрепинен атап өтилди.

Өзбекстан ШБШға ағза мәмлекетлер менен саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеўдиң тәрепдары. Мәмлекетлердиң дүнья базарына қысқа жоллар арқалы шығыў имканиятларын кеңейтиў бундай мақсетлерди әмелге асырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

ШБШ шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Бирақ көп тәреплеме бирге ислесиў байланысларында бундай өсиў пәти бақланбайды. әне усы жақлары транспорт-логистика имканиятларын бирлестириўдеги умтылыслардың тең салмақлы емеслигинде де айқын көзге тасланады. Сол себепли мәмлекетимиз басшысы саммитте ШБШ мәмлекетлериниң темир жол тараўы басшыларын турақлы ушырасыўларын шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти. 2018-жылдың сентябрь айында болса усы форматтағы дәслепки ушырасыў Ташкентте болып өтти.

Ҳәзирги күнде инсаният биргеликте раўажланыў, өз-ара исенимге тийкарланған ҳәм түрли мәдениятларды ҳүрмет етиў тийкарында раўажланатуғын дүньяны жаратыўға умтылмақта. Халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы исеним еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларда өз-ара түсинисиўди орнатыўдың әҳмийетли факторы.

Шавкат Мирзиёев 2017-жылы Нур-Султан қаласында болып өткен саммите Халық дипломатиясының турақлы жумыс алып баратуғын институтларын шөлкемлестириў усынысын алға қойғанда, мине, усындай мақсетлерге ерисиўди нәзерде тутғқан еди.

2018-жыл 10-июнь күни Қытайдың Циндао қаласында ШБШға ағза  мәмлекетлер басшылары кеңесиниң гезектеги саммитинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық, ШБШ мәмлекет басшыларының Жасларға биргеликтеги мүрәжаты қабыл етилди.

Ташкент қаласында ШБШның Халық дипломатиясы орайы шөлкемлескени, Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң дүзилгени мәмлекетимиздиң ШБШ мәжилислеринде алға қойған басламаларының нәтийжеси болып есапланады.

Мәмлекетимизде тынышлық, бирге ислесиў ҳәм интеграция идеяларына тийкарланып алып барылып атырған жедел сыртқы сиясаттың әмелий нәтийжелери оның дүнья жүзиндеги абырайы артып, халықаралық шөлкемлер басқарыў системасындағы орны кеңейип атырғанында да өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық  изертлеўлер институтының директоры Владимир Норов 2019-жыл 1-январьдан ШБШ Бас секретариатына тастыйықланғаны буның айқын дәлийллеринен бири есапланады.

Усы күнлерде Бишкекте ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине үлкен таярлық көрилмекте. Ушырасыў Өзбекстанның қәўипсизликти беккемлеў, саўда, экономика, инвестиция, транспорт коммуникациялары, туризм, аўыл хожалығы ҳәм регионлараралық бирге ислесиў тараўларындағы байланысларды раўажландырыў бойынша  басламаларды әмелге асырыўдың ҳуқықый механизмлерин және де беккемлеў имканиятын беретуғынына гүман жоқ.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның шолыўшысы