Өзбекстан «Адолат»» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басламасы менен Нөкис қаласындағы Республикалық қан қуйыў станциясында «Бар меҳримиз сизлер менен» атамасында акция өткерилди.

Ондағы тийкарғы мақсет – балаларды қорғаў, социаллық жәрдемге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў, пуқараларды ықтыярлы түрде қан тапсырыўға шақырыў арқалы наўқас балалардың өмирин сақлап қалыўға үлес қосыў болып есапланады.

Акцияға партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракция ағзалары, халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери ҳәм басқа да ықтыярлылар қатнасты.

Олар наўқас балалардың саўалып кетиўине үлес қосыў ушын қан тапсырды.

– Келешегимиздиң ийелери болған перзентлеримиздиң өмирин узайтыў ҳәм саламатлығын беккемлеўге азғантай да болса үлес қосып атырғанымыздан ҳәммемиз оғада қуўанышлымыз,-дейди Өзбекстан «Адолат»» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов. – Бизиң қанымыз қайсы наўқас балаларға қуйылатуғынын билмеймиз, бирақ ең тийкарғысы, қайсы бир шаңараққа қуўаныш бағышлап, қайсы бир баланың өмирин сақлаўға мине усындай мүбәрек Рамазан айында үлес қосып, саўап иске қол урғанымыздан бахтиярмыз.

Қан бериўдиң қорқынышлы жери жоқ. Себеби, Нөкис қаласындағы Республикалық қан қуйыў станциясында донорлар ушын барлық шараятлар жаратылған екен. Сол себепли басқаларды да партия тәрепинен шөлкемлестирилип атырған усы қайырлы акцияда қатнасыўға шақырып қаламан.

Себеби, усы акцияда қатнасқан ҳәр бир адамның кеўилинде балаларымыз ҳеш қашан кесел болмасын, көзлеринде жас айланбасын ҳәм Ўатанымыздың керегине жарайтуғын азамат болып жетиссин, деген жақсы нийетлер жәмлескен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.