Жақында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген. «Өзбекстан Республикасында коррупцияғы қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманда усы тараўда ҳәммемиздиң дыққатымызды, итибарымызды қарататуғын төмендеги пикирлер бар.

«…Соңғы жылларда елимизде коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый реформалар әмелге асырылды. Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыўға, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге бағдарланған системалы илажлар көрилди.

Соның менен бирге, экономиканы және де көтериў, халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекетте инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша стратегиялық ўазыйпаларды шешиў коррупцияға қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм коррупция көринислериниң себеплери менен шараятларын сапластырыў бойынша жаңа системалы илажлардың көрилиўин талап етпекте.»

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2018-жыл 8-декабрьде Өзбекстан Конституциясына бағышланған илажда «Коррупция менен ҳеш қашан мақсетимизге ерисе алмаймыз» 1177 лаўазымлы шахс коррупцияға қол урғаны ушын жуўапкершиликке тартылды.

Телевизорда ҳәр күни көрип атырсыз: банкте, ҳәкимиятта, емлеўханада, прокуратурада, ишки ислер уйымларында коррупция. Қашан бул кеселликтен қутыламызЎ Қашан пүткил мәмлекет болып оған қарсы гүресемизЎ

Коррупция менен Өзбекстан ҳеш қашан алға қойылған мақсетлерге ерисе алмайды, «1177 адам бул – жүдә үлкен цифр. Бул не дегени? Бул жәмийетимиздиң әдиллик, ҳадаллық, жуўапкершилик, халықтың талапларын қанаатландырыў, халыққа хызмет етиў сыяқлы түсиниклерден жырақта екенлигинен дәрек береди», – деген еди.

Негизинде халқымыздың санасына терең сиңип кеткен бул иллет коррупция деп аталмаса да қан-қанға сиңип кеткен бир даўасыз дәрт, тәўир болмас бир аўыр кесел екенлигин түсинип жете алмай атырғанын усы жерде атап өтиўимиз керек.

Жас ана баласын ямаса қызын балалар бақшасына алып барар екен, тәрбияшыға әлбетте бир саўға бериўи керек, деп ойлайды. Соның менен енди тәрбияшы балама жақсы қарайды, деп арқайын болады.

Ямаса енди ғана мектепти питкерген перзенттиң әкеси жоқары оқыў орнына кириўи ушын өмир бойы жыйнаған инвестициясын кимге, ким арқалы бериўди, қандай етип болса да усы жол менен перзентиниң оқыўға кириўин ойлайды.

Кексе жастағы әкеси ямаса анасы аўырып қалған перзент, ямаса баласы наўқасланған ата-ана шыпакерге бир нәрсе берсе онын мүшкили аңсатласып, шыпакер ата-анасының дәртине шыпа болғандай, перзенти да саўалып кеткендей жағдайларды басынан өткереди.

Усы ҳәрекетлери менен олар ҳеш қашан мен коррупцияға жол қойдым деп ойламайды. Өзиниң ислеген ҳәрекетин оғада дурыс баҳалайды. Ата-ананың саўалып кетиўи алдында пул не болыпты, жанымды да аямайман, деп ойлайды. Балалар бақшалары, Жоқары  оқыў орынлары, емлеўханадағылар болса олардан бул пулларды алып, мен пара алдым, коррупцияға жол қойдым, мәмлекет нызамларын буздым деп ойламайды.

Ҳәмме иллет сонда, коррупцияның дәслепки тамырлары енди ғана турмысқа қәдем таслап атырған перзентлер алдында ата-анасының не берсең аўырың жеңил болады, деген түсинигинен өсип, камалға келе баслайды.

Студент имтиханға таяр болмаса муғаллимге пул берип баҳа қойдырып алады. Мине усындай ҳәрекетлер менен шаңарақта ата-ана билип билмей, өз перзентин коррупция жолында тәрбиялай баслайды.

Ҳақыйқаттың жүзине тик қарасақ бундай жағдайлар ҳәмме тараўларға өтип, өрмелеп өсетуғын шырмаўыққа уқсап жәмийетти пүткиллей орап алған. Бул шырмаўықты тамыры менен жулып, оны өсиўден тоқтатыўдың илажы бола ма? Биз бүгин аўа, әлбетте болады, деп жуўап бере аламыз.

Әсиресе соңғы 3 жыл даўамында бул тараўда алып барылып атырған терең реформалар, коррупция ҳәм нызамбузарлықтың алдын алыў профилактикасы, көрилип атырған кескин илажлар «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының әмел етип атырғанлығы пикиримизди айқын дәлийллейди.

Қарақалпақстанда да коррупцияға қарсы алып барылып атырған маўасасыз гүрес жәмийеттиң турмысында пуқараларымыз тәрепинен сергеклик көринбекте. Ҳуқықбузарлықлардың алды алынып, олардың саны азаймақта.

Әсиресе өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының уйымлары тәрепинен өткен дәўир ишинде аймақта шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели илажларын көриў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўын және  экономикаға зыян жеткерилиўиниң алдын алыў, басқарыў ҳәм ҳәкимият уйымларындағы лаўазымлы шахслардың коррупцияласқан жынаятларын ашып бериў, парахорлық ҳәм лаўазымнан пайдаланыўға қарсы гүресиў бойынша белгили жумыслар әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта Комиссияның тийисли уйымлар менен алып барған әмелий жумысларының нәтийжесинде соңғы жылларда Қарақалпақстан Республикасында коррупцияға байланыслы қозғатылған ҳәм судқа асырылған жынайый ислердиң саны өткен жылға салыстырғанда бираз азайған.

Тергеўдеги жынаят жумысларының жуўмағы бойынша тийисли уйымларға усыныслар киргизилип, анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў илажлары көрип барылмақта. Жынаят ислерин тергеў процесинде мәмлекет ҳәм жәмийеттиң мәплерине жеткерилген миллиард-миллиард сумлық зыянлардың өндирилиўи тәмийинленген.

Қарақалпақстан Республикасы уйымлараралық комиссиясы тәрепинен халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, жәмийетте коррупцияға қаратылған маўасасыз қатнасты қәлиплестириў бойынша 6 мыңнан аслам ушырасыўлар, семинар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилген. Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў ҳәм олардың алдын алыў, сапластырыў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы мыңға шамалас көрсетиўлер эфирге узатылған.

Бирақ ашық-айдын айтыў керек, бул илажлар коррупция тараўында Президентимиздиң Пәрман, қарарлары белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўди толық қамтып алмай атыр. Қарақалпақстанда бул бойынша исленетуғын жумыслар оғада көп екенлигин турмыстың өзи көрсетип турыпты.

Биз кейинги ўақытларда ҳуқықый сана, ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша өғада көп айтамыз. Мәкеме ҳәм шөлкемлер, оқыў мәкемелеринде бул тараўда өткерилип атырған илажлар, таңлаўлардың есап-саны жоқ.

Коррупцияның тамырына ең дәслеп үлкен әўлад балта урыўы керек. Өзиниң пайдасы, өзиниң мәпи ушын мәмлекетимиздиң нызамларын бузбаўы керек.

Бюджет-халық пулын урлап атырған, параның арқасында жети әўладына жететуғын мал-дүнья жыйнап атырған коррупционерлер ким болса да, прокурорма, ҳәкимбе, министрме мәмлекетимиз нызамлары алдынды жуўап берип атыр. Жүзлеген жынайы ислер қозғатылып атыр. Көрип атырмыз, ҳәр айда бир үлкен әмелдар ямаса хызметши коррупция батқағына батып, пара деген бәле артынан жазаға тартылмақта.

Бурынғы аўқамның үстемлик дәўиринен бүгинги еркин ҳәм азат турмысымызға түскен қара дақ, иллет болып киятырған коррупцияға қарсы гүрес бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады. Бул ўазыйпа тек ғана ҳуқық уйымлары емес, ал ҳәр биримизден үлкен жуўапкершилик талап етеди. Ата-ана, мәкеме басшылары, нуранийлер, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте бул иллетке қарсы гүресте белсенди болыўымыз керек.

Гүлистан АННАҚЫЛЫЧЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.

 

ӨзА