USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ЕТРБ ПРЕЗИДЕНТИН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-июнь күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Сума Чакрабарти басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Өзбекстан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасында шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып, өз-ара пайдалы бирге ислесиў жеделлесип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Кейинги еки жылда бул абырайлы халықаралық финанс институтының басшысы мәмлекетимизге үшинши мәрте сапар менен келгени өз-ара алмасыўлардың жеделлескенинен дәрек береди.

Өткен жылдың октябрь айында банктиң Өзбекстан бойынша мәмлекет стратегиясы қабыл етилди. ЕТРБ экспертлериниң жәрдеминде энергетика, банк ҳәм финанс тараўлары, капитал базарды раўажландырыў ҳәм елимизде бәсеки орталығын жақсылаў бойынша реформалар ислеп шығалмақта ҳәм әмелге асырылмақта.

Қоспа жойбарлардың портфели кеңеймекте. Заём келисимлерине қол қойылып, нырқы жәми 600 миллион доллардан зыят кредит қаржыларын тартқан ҳалда мәмлекетимиз аймақларында энергетикалық ҳәм коммуналлық инфраструктураны модернизациялаў бойынша әҳмийетли инвестициялық жойбарлар таярланбақта. Аймақлық сектор жойбарларына 100 миллион доллардан аслам инвестиция киргизилди.

Буннан тысқары, улыўма нырқы 800 миллион долларға жақын болған социаллық әҳмийеттеги перспективалы бағдарламалар менен жойбарлар ислеп шығылмақта.

ЕТРБның Ташкент қаласындағы ўәкилханасы белсене ислемекте, оның Әндижан қаласында ҳәм мәмлекетимиздиң басқа да аймақларында филиалларын ашыў режелестирилген.

Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, мәмлекетимизде инвестициялық жойбарларды ҳәм кредитлерди өзлестириўди жеделлестириў, экономикалық реформаларды әмелге асырыўға қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты қәлиплестириўге көрсетилип атырған жәрдемди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Сырт ел инвесторлары кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисине таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

ЕТРБ басшысы шын жүректен қабыллағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың пәтин, көлемин ҳәм әмелий нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Сума Чакрабарти Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Өзбекстан Республикасы менен көп қырлы шерикликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм даўам еттириў бойынша исенимли екенин атап өтти.

1.jpg

2.jpg

ӨзА