Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм технологиялары мәселелери комитети, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк  агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық шәртнамаларға қосылыўы ҳаққындағы нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети»темасында семинар өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Еркин Халбутаев «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық шәртнамаларға қосылыўы ҳаққындағы нызамлардың тийкарғы қағыйдалары», Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк  агентлиги директорының орынбасары Воҳиджон Аллаяров «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында бир қатар халықаралық шәртнамаларға қосылыўы мүнәсибети менен мәмлекетлик ҳәкимият пенен басқарыў уйымлары ҳәм басқа да субъектлерге жүкленген ўазыйпалар» темаларында баянатлар оқыды.

Баянатларда атап өтилгениндей, соңғы жылларда авторлық ҳуқықты қорғаўға қаратылған тиккелей ҳәм тиккелей емес байланыслы 50 ден аслам ҳәр қыйлы нормативлик ҳүжжетлер, 10 нан аслам нызамлар қабыл етилген. Атап айтқанда, «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы, «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған програмаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм басқа да Президентимиздиң, Министрлер Кабинетиниң қарарлары қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 2018-жылы интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында 3 халықаралық ҳүжжет кирип келди. Өзбекстан Республикасы Президенти «Фонограмма таярлаўшылардың мәплерин, олардың фонограммаларын нызамсыз тәкирарланыўдан қорғаў ҳаққында»ғы Женева конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы, «Жер жүзилик Интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң авторлық ҳуқықы бойынша шәртнамасы»на Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы, «Жер жүзилик Интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң атқарыўшылық ҳәм фонограммалар бойынша шәртнамасы»на Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы нызамларға қол қойды.

Мысалы, «Фонограмма таярлаўшылардың мәплерин, олардың фонограммаларын нызамсыз тәкирарланыўдан қорғаў ҳаққында»ғы Женева конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы Нызам жойбары ислеп шығылып, өткен жылы 26-декабрьде Президентимиз тәрепинен қол қойылды. Усы конвенцияға бола, Өзбекстан Республикасына бул бағдарда халықаралық көлемдеги бир қанша ўазыйпалар жүклеп қойды. Яғный фонограммалардың нусқаларын фонограмма таярлаўшының (автордың) руқсатысыз ислеп шығарыў, тарқатыў, сатыў қадаған етилди, қатнасыўшы мәмлекетлер аймағында фонограммалардың ҳуқықый ийелериниң руқсатысыз ислеп шығарылған усындай нусқаларды алып кириў, халық арасында тарқатыў ҳәм басқа да шеклеўлер орнатылған. Бүгинги күнде бул конвенцияға 79 мәмлекет ағза болған.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден тийисли жуўапларды алды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.