Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-июнь күни Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Нурлан Нигматулин басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманларды қызғын қутлықлап, Қазақстан Парламенти делегациясының Өзбекстанға сапар етиўи туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек беретуғынын айрықша атап өтти.

Өз гезегинде, Қазақстан Парламенти Мәжлисиниң Баслығы шын жүректен қабыллағаны ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирип, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев ҳәм Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда тәреплер Қазақстан Парламенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың усы жылдың апрель айында әмелге асырған Өзбекстанға биринши мәмлекетлик сапарының жуўмақлары көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, оны әмелий мазмун менен байытыў бағдарында өз-ара умтылыў күшли екенин және бир мәрте тастыйықлағанын атап өтти.

Еки тәреплеме саўда көлеми артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. 2018-жылы товар алмасыў 50 процентке өсип, 3 миллиард доллардан асты. Жақын жылларда бул көрсеткишти кеминде 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйыпасы тур.

Мәмлекетлеримиздиң жетекши компаниялары ҳәм кәрханаларының қатнасыўында кооперация тийкарында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Транспорт тараўында жаңа автобус ҳәм темир жол жөнелислери ашылды, қалалар арасындағы авиақатнаўлар көбейтилди, жүк тасыўдың көлеми артпақта.

Аймақлараралық байланыслар барған сайын беккемленбекте, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте. Өткен жылы Қазақстанда Өзбекстан жылы табыслы өткерилди, быйыл болса елимизде илажларға бай Қазақстан жылы өтпекте.

Ушырасыўда Өзбекстан – Қазақстан парламентлераралық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетлеримиздиң парламентлериндеги комитетлер дәрежесинде жедел байланысларды жолға қойыў, ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм жаңа шериклик жойбарларын алға қойыў мақсетинде парламентлераралық дослық топарларының имканиятларынан және де нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.

Нурлан Нигматулин Қазақстанның жоқары нызам шығарыўшы уйымы парламентлераралық қатнасықларды буннан былай да беккемлеўде, сондай-ақ, туўысқан халықларымыз арасында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған басламаларды жүзеге шығарыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекет басшылары Қазақстан Республикасының сиясий турмысындағы ең әҳмийетли илаж – усы жыл 9-июнь күни болып өтетуғын Президентлик сайлаў табыслы өтиўин тиледи.

1.jpg

2.jpg

ӨзА