Өзбекистан Банклер ассоциациясында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң ўәкилханасы ашылды.

Елимизге Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң биринши вице-президенти Филипп Беннетт  басшылығындағы делегацияның сапар етиўи шеңберинде шөлкемлестирилген усы мәресимде министрликлер менен ведомстволардың басшылары, дипломатиялық корпустың ўәкиллери, сала қәнигелери қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң биринши вице-президенти Ф.Беннетт ҳәм басқалар Өзбекистанда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, салада халықаралық қаржы институтлары, атап айтқанда, ЕТРБ менен бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, шет ел инвестицияларын кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Сума Чакрабартидиң усы жыл март айында елимизге сапар етиўи ўақтында Өзбекистан менен Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң арасында бирге ислесиўге байланыслы Түсинисиў меморандумына қол қойылған еди. Онда бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары белгилеп берилген. Киши ҳәм орта кәрханалар ушын мәсләҳәт бериў ҳәм қаржыландырыў хызметлериниң болжаў бағдарламасы, трансшегаралық саўда ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған саўданы қаржыландырыў, технологиялар ҳәм ноу-хаулар алмасыўын тәмийинлеў имканиятын беретуғын тиккелей шет ел инвестицияларын тартыў арқалы Өзбекистан экономикасының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ўазыйпалары усылардың қатарына киреди.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен бирге ислесиў жылларында экономикамыздың ҳәр қыйлы тармақларына 500 миллион доллардан аслам қаржы тартылып, оның нәтийжесинде 54 жойбар турмысқа енгизилди.

Быйылғы жыл октябрь айында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Директорлар кеңеси Өзбекистан ушын дәслепки еки жойбарды бир аўыздан тастыйықлады. Бул жойбарлар киши ҳәм орта бизнес, саўданы қаржыландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын Өзбекистан Миллий банкине ажыратылатуғын 100 миллион доллар нырқындағы кредит линиясы, сондай-ақ, мийўе шербетин ислеп шығарыўға қәнигелескен «Агромир» жеке меншик компаниясына ажыратылатуғын 10 миллион долларлық заёмнен ибарат. Сондай-ақ, қаржы, аўыл хожалығы ҳәм санаат тармақларында және орынлардағы инфраструктураны раўажландырыў бойынша көплеген қосымша инвестциялық жойбарлар ислеп шығылмақта. ЕТРБ «Киши бизнес ушын мәсләҳәтлер» бағдарламасын да иске қосты. Оның шеңберинде биринши жойбарлар баслап жиберилген.

Илаж шеңберинде Наманган ҳәм Хорезм ўәлаятлары және Ташкент қаласы суў ҳәм ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыўға байланыслы баҳасы дерлик 215 миллион АҚШ доллары болған бес ҳүжжетке қол қойылды. Бул жойбарлар халықтың саламатлығын ҳәм турмыс шараятын жақсылаўға хызмет етеди.

Сол күни Ф.Беннетт басшылығындағы делегация Ташкенттеги халықаралық Вестминстер университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасты. Университет жумысы, оқыў процеси, билимлендириў системасы менен танысты.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзА ның хабаршысы