Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты З.Ханиязов Мойнақ районында өз сайлаўшылары менен ушырасты. Ондағы мақсет – халық пенен жүзбе-жүз сәўбетлесип, оларды қыйнап атырған машқалаларды үйрениў болып есапланады.

Халық ўәкили дәслеп, район көлеминдеги социаллық тараў объектлеринде алып барылып атырған қурылыс жумысларының барысы менен танысты ҳәм қурылысшылар менен сәўбетлести. Соң өз сайлаўшылары менен ушырасты. Ушырасыўда социаллық турмыс, кредит, билимлендириў, бәнтлик мәселелери бойынша бир қатар машқалалардың бар екенлиги анықланды.

Атап айтқанда, «Тик өзек» АПЖда жасайтуғын пуқара К.Темирбеков өзи жасайтуғын аймақта газ басымының төмен екенлиги, усы мәҳәлледе жасайтуғын тағы бир пуқара А.Қаржаўбаев ҳәзирги ўақытта жумыссыз жүргенлиги туўралы билдирген болса, «Дослық» МПЖ турғыны М.Турдымуратова кредит алыўда, «Бозатаў» АПЖда жасайтуғын пуқара А.Қурбаниязов суйылттырылған газ баллоны менен тәмийинлеўде, «Ҳәким ата» АПЖ дан пуқара М.Қонысбаев таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўде әмелий жәрдем көрсетиўин сорап мүрәжат етти.

Усы көрсетилген мәселелердиң айырымлары сол жердиң өзинде өз шешимин тапты. Атап айтқанда, «Бозатаў» АПЖда жасайтуғын пуқара А.Қурбаниязов районлық газ тәмийнаты мәкемеси тәрепинен суйылттырылған газ баллоны менен тәмийинленди. «Тик өзек» АПЖда жасайтуғын пуқара К.Темирбековтың үйинде газ басымы көтерилген болса, «Дослық» МПЖ турғыны М.Турдымуратоваға «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында районлық банк филиаллары тәрепинен кредит қаржылары ажыратылатуғын болды.

«Ҳәким ата» АПЖ дағы «Дослық» ҳәм «Әлий» аўылларына суў тазалаў фильтри орнатылды ҳәм халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениў жағдайы жақсыланды.

«Тик өзек» АПЖда жасайтуғын пуқара А.Қаржаўбаев районлық бәнтликке көмеклесиў орайының жәрдеминде жәмийетшилик тийкарда жумысқа кирди.

Сайлаўшылар менен сәўбетлесиў барысындағы көтерилген айырым машқалалар тийисли шөлкемлер менен биргеликте сапластырылған болса, айырымлары бойынша көрсетпелер ҳәм усыныслар берилип орынланыўы қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.