Аўғанстан ҳәм Өзбекистан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўыңыз мени оғада қуўанышқа бөледи. Бул ушын сизге миннетдаршылық билдириўге, пүткил аўған халқының ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм дос Өзбекистан халқын усы әҳмийетли сәне менен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Қәдирли достым, ҳүрметли Өзбекистан Республикасының Президенти!

Халықларымыздың тили, дини ҳәм мәденияты жақын екени өз-ара дослық байланысларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етпекте. Аўғанстан ҳәм Өзбекистан Республикасы халықларымыздың мәпине хызмет ететуғын өз-ара байланысларымызды кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша салмақлы қәдемлер таслады. Мениң ҳәм Аўғанстан делегацияларының Өзбекистанға соңғы сапар етиўлери еллеримиз арасындағы қатнасықларды раўажландырыўдан мәпдар екенимиздиң айқын дәлили болып табылады. Сизге ҳәм пүткил өзбек халқына усы жыллар даўамында көрсетилген жәрдем ушын өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Аўғанстан еллеримизди буннан былай да жақынластырыўға ҳәм экономикамызды раўажландырыўға хызмет ететуғын биргеликтеги жойбарлар үстинде ислеўди даўам еттиреди.

Еллеримиз арасындағы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыў жолындағы ис-ҳәрекетлериңиз ушын Сизге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен. Бул бирге ислесиў буннан былай да тек ғана кеңейип бара беретуғынына исенемен.

Сөзимниң жуўмағында Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға және бир мәрте беккем денсаўлық, халқыңызға бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Муҳаммад Ашраф ҒАНИ,

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти