Ҳүкиметлик қарар тийкарында, жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң административлик регламенти тастыйықланды.

Оған муўапық, абитуриентлер оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен белгиленетуғын жоқары оқыў орынларына Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактивлик мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Усындай жоқары оқыў орынларының дизими ҳаққындағы мағлыўматлар 5 күн ишинде усыныс формасында Мәмлекетлик комиссияға киргизилиўи керек.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен ҳүжжетлер 15-июньнан 15-июльға шекем абитуриентлердиң турақлы дизимде турған орнына қарамастан қабыл етиледи.

Басқа жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлер жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссиялары тәрепинен 15-июньнан 15-июльға шекемги аралықта қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.