Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли депутатлар!

Ҳүрметли Самарқанд халқы!

Бүгин мен ушын қәдирли болған, муқаддес Самарқанд жеринде сиз, әзизлер менен ушырасып, бәршеңизди саў-саламат, жақсы кейпиятта көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, қәдирданларыма, сизлер арқалы мийнеткеш, мәрт ҳәм ҳақ кеўил Самарқанд халқына өзимниң терең ҳүрмет-иззетим менен жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ең әҳмийетлиси, усы күнлерде мәмлекетке пахта сатыў бойынша шәртнама миннетлемесин елимизде бириншилер қатарында ўәлаяттың барлық районлары бойынша орынлап, 217 мың тоннадан аслам бәлент қырман жаратқаныңыз бенен сизлерди, пүткил Самарқанд халқын шын жүректен қутлықлайман.

Әсиресе, ҳәр гектар жерден 45-55 центнерден пахта зүрәәтин жыйып-терип алған Иштихон районындағы «Омонбой Фармонов», Нарпай районындағы «Абди Ёвқоч», Каттақурғон районындағы «Ҳосил», Пахтачи районындағы «Мирзаев Шуҳрат» сыяқлы фермер хожалықларының атларын айрықша атап өтпекшимен.

Ўәлаят дийқанларының басқа да тармақлары бойынша да жылды жарық жүз бенен жуўмақлап атырғанынан хабардарман.

Сиз, әзизлерге, пүткил Самарқанд елине пидәкерлик мийнетиңиз ушын терең миннетдаршылық билдирип, бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, қуўаныш ҳәм шадлық тилеўге рухсат еткейсиз.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги сессия шөлкемлестириў мәселеси менен бирге, Самарқанд ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, бул жолда ерисилген жетискенликлер, жүзеге келген машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары, келеси еки жылда алдымызда турған тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған.

Сизлерге жақсы белгили, елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар «Ҳәмме нәрсе инсан мәплери ушын» деген ийгиликли мақсетке қаратылған. Усы мақсет жолында халық пенен пикрлесип, адамлардың турмыслық машқалаларын шешиў бәршемиз ушын тийкарғы жумыс өлшемине айланып атырғаны әмелде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Әпиўайы жерлеслеримиз бүгин турмыстағы өзгерислерден разы болып, кеўли толып айтып атырғаны, өзлери де әне усындай өзгерислердиң қатнасыўшысына айланып атырғаны – бул бизди қуўандырады. Ҳақыйқатында да, халқымыз бүгин ҳәрекетке келди. Адамларда исеним пайда болды. Мәмлекет уйымлары халыққа, халқымыз болса өз алдына қойған мақсетлерге қарай умтыла баслады.

Мен қай жерге барсам, мына гәпти тәкрарлайман: халық бизден разы болса, жумысымызда өним, берекет болады. Адамлардың разылығы бизиң жумысымызға берилген ең жоқары баҳа болып табылады.

Самарқанд ўәлаятында әмелге асырылып атырған экономикалық-социаллық  бағдарламалар ҳәм инвестициялық жойбарлар да әйне усы мақсетлерге қаратылғаны менен итибарлы.

Санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы саласын алатуғын болсақ, улыўма нырқы 1 триллион 800 милиард сумлық 321 ири жойбарды әмелге асырыў басланды.

Өткен дәўирде ўәлаятта 24 ири кәрхана иске түсирилди. Атап айтқанда, Самарқанд қаласында жылына 8 миллион дана дәри-дәрмақ ислеп шығаратуғын кәрхананың жумысы жолға қойылды. Жанбай районында 300 гектар ғоза тереклери жаратылды. Самарқанд районында 1 миллион қус бағылатуғын хожалық шөлкемлестирилди. Жылдың ақырына шекем және 20 ири кәрхана иске түсириледи.

Әлбетте, бул кәрханалардың ҳәр бири ҳаққында, олар шығарып атырған өнимлер туўралы көп айтыў мүмкин. Лекин сизлер бул жумыслардың тиккелей қатнасыўшысы болғаныңыз ушын мен тек ғана бир еки мысал менен шекленип өтпектемен.

Ең әҳмийетлиси, бул кәрханалардың бәршеси ишки базарымыз ушын, адамларымыз ушын керекли өнимлер шығарып, Ўатанымыздың раўажланыўына ҳәм халқымыздың абаданлығына хызмет етпекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, бул жойбарлардың бәршеси исбилерменлердиң басламасы менен, олардың өз қаржыларының қатнсыўында әмелге асырылмақта. Биз оларға тек ғана қаржыландырыў ҳәм рухсат бериў, қолай имканият жаратыў бойынша жәрдем бермектемиз.

Мен өз қаржысы, шөлкемлестириўшилиги менен ҳеш болмағанда 2-3 жумыс орнын жаратқан исбилерменди басыма көтериўге таярман, деп айтқан гәплеримди бүгин де тәкирарлаўдан шаршамайман. Мине, Самарқандтың өзинде сонша кәрханалар ашылып, мың-мыңлаған жумыс орынлары жаратылып атырған екен, буның ушын ўәлаятта барлық киши бизнес ушын ҳәм исбилерменлик саласы ўәкиллерине шын жүректен рахмет айтпақшыман.

Ҳақыйқатында да, халық, мәмлекет нениң есабынан бай ҳәм қүдиретли болады? Бәринен бурын, бул жолда күшин, билим ҳәм тәжирийбесин, керек болса, мал-жанын аямайтуғын сизлердей исбилерменлердиң есабынан. Бизиң киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик саласында алып барып атырған реформаларымызды дүнья жәмийети, абыройлы халықаралық шөлкемлер тән алып атырғаны – бул бәринен бурын сизлердиң мийинетиңизге берилген баҳа болып табылады. Жеке өзим солай деп есаплайман.

Егер сизлерден ҳәрекет болмаса, тек ғана пәрман ҳәм қарарлар менен ҳеш нәрсеге ерисиўге болмайды. Соның ушын мен исбилермен – бул раўажланыў локомотиви, журт таянышы, деп айтыўға, сизлерди буннан кейин де қоллап-қуўатлаўға таярман.

Жақында Жәҳән банки тәрепинен өткерилген быйылғы бизнес тараўындағы халықаралық рейтинг ҳаққында ғалаб хабар қураллары хабар етти. Өзбекистан бул рейтингте 13 текшеге жоқары көтерилип, 190 елдиң арасынан 74-орынды ийеледи. Бул бойынша дүньядағы ең алдынғы 10 реформатор мәмлекеттиң қатырынан орын алдық. Бул – жүдә үлкен жетискенлик, оғада үлкен тән алыўшылық.

Соның менен бирге, мен күни кеше Жиззақта Шараф Рашидовтың естелигине бағышлап өткерилген илажда бир пикирди айрықша атап өттим: биз еле үлкен жолдың басында турмыз. Енди ғана тек биринши қәдемлерди таслап атырмыз.

Тек ғана бизнес емес, ал басқа тараўларда да еле алдымызда жүдә үлкен ўазыйпалар турғанын, шешилмеген машқалалар да көп екенин ашық тән алыўымыз керек.

Мәселен, бизнес саласында енгизилип атырған жаңалықлар орынларда, соның ишинде, Самарқанд ўәлаятында қалай қолланылмақта, исбилерменлер берилип атырған жаңалықларды әмелде сезип атыр ма ямаса жоқ па, деген сораўларға, өкинишке орай, толық жуўап таба алмаймыз.

Усы мүнәсибет пенен барлық буўынлардағы басшылар, әсиресе, орынлардағы ҳәкимлер менен лаўазымлы шахсларды ескертип айтпақшыман: исбилерменге мәдет бериў орнына оның жолына тосық қойыў – бул Президент сиясатына қарсы шығыў, деп баҳаланады ҳәм соған жараса шара қолланылады.

Бәршемиз бир ҳақыйқатты түсинип алыўымыз шәрт: исбилерменлик пазыйлетлери бәринен бурын жасларға тән пазыйлет есапланады. Демек, исбилерменликке жол ашыў – бәринен бурын жасларға, келешекке жол ашыў дегени.

Қайсы басшы соны дурыс түсинсе, әлбетте ол басқарып атырған тармақта, аймақта нәтийже болады. Ким буны түсинбесе, жақсысы, ол өз орнын босатып қойғаны мақул. Себеби тек ғана жаслар емес, ал заман да енди бундай басшыларды қабыл етпейди.

Бизге мәлим, Самарқанд ўәлаяты заманагөй, жақсы раўажланған өндирис, транспорт-коммуникация, социаллық инфраструктураға ийе екени, адамгершилик ҳәм интеллектуаллық потенциалы менен басқа көп ғана аймақларымызға салыстырғанда жоқары турады. Яғный, Самарқандтағы имканият барлық жерде де жоқ.

Лекин, өкинишке орай, әне усындай үлкен потенциалдан толық пайдаланыўда ўәлаятта ақсақлық бар. Бул ҳақыйқат ҳәм буны ашық айтыўымыз керек.

Басқа аймақларға барсаңыз басшылар имканият қыдырыў менен әўере екенин көресиз. Бул жерде болса ўәлаяттың бурынғы биринши басшысы Ҳиммат Оқбутаевта интаның жоқ екени ҳәм итибарсызлығы себепли бар имканият та иске қосылмады. Ақыбетте жалпы аймақлық өнимниң өсиўи бираз төменледи. Бул бағдардағы көрсеткиш усы жылдың 9 айы даўамында республика бойынша 5,3 процентти қураған болса, ўәлаятты 3,4 процентти қурағаны да буны көрсетип тур.

Жалпы аймақлық өнимниң қурамында санааттың үлеси 24 процент әтирапында болып, бул елимиздеги ең төмен көрсеткишлерден бири болып табылады. Бағана бул жердеги жаңа имканиятлар ҳаққында бийкар айтқаным жоқ. Соның ушын бундай сан менен шекленип жүриў Самарқанд ўәлаятына улыўма жараспайды.

Ўәлаятта санааттың ең раўажланған тармағы – тутыныў товарларын ислеп шығарыў саласы да бир жерде тоқтап, тепсинип турғанын, мине, бул саланың басшылары отыр бул жерде, олар буны қалай түсиндиреди?

Сизлер не ушын бул мәселе менен қызықпайсызлар?

Бул тек ғана ўәлаяттың машқаласы емес. Ишки базарымызды сапалы өнимлер менен толықтырыў, экспорт етиў – бул бәршемиздиң жумысымыз.

Халыққа ең жақын тағы бир тараў – хызмет көрсетиў бойынша да өсим төменлегени бақланбақта. Экспорт бойынша болжаў көрсеткишлерин орынлаў мәселесинде де сораўлар көбейип бармақта.

Сонлықтан бул ссесия қарсаңында тийисли министрликлер, компания ҳәм банклер басшыларын Самарқанд ўәлаятына жибердик. Олар бул жерде он күн даўамында қосымша резевлерди анықлап, конкрет инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў менен шуғылланды. Бул жумыслардың нәтийжеси сыпатында қосымша инвестициялық жойбарларды өз ишине алған жаңа Бағдарламаның жойбары қәлиплестирилди.

Бағдарламаға муўапық 2018-2019-жылларда Самарқанд ўәлаятында улыўма нырқы 4 триллион 200 миллиард сум болған 321 ири жойбар әмелге асырылады ҳәм дерлик 11 мыңға жақын жаңа жумыс орны жаратылады.

Бул жойбарлар тийкарынан төмендеги тийкарғы бағдарлар бойынша енгизиледи.

Бириншиден, жеңил санаатта улыўма нырқы 1 триллион 400 миллиард сум болған 34 инвестициялық жойбар әмелге асырылады ҳәм 3 мың 400 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Бунда тийкарғы итибар шийки затты терең қайта ислеп, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа қолайлы таяр өнимлер ислеп шығарыўға қаратылады.

Нәтийжеде ўәлаятта пахта талшығын қайта ислеў дәрежеси  бүгинги 20 проценттен 2018-жылда 60 проценттен асады, 2019-жылда болса 100 процентке жеткериледи.

Екиншиден, жоқары технологияларға тийкарланған машина қурылысы, электротехника ҳәм фармацевтика сыяқлы заманагөй тараўларда улыўма нырқы 715 миллиард сумлық 17 жойбар әмелге асырылады.

Мәселен, Оқдарё районында «Вакцина фарм медикал» кәрханасына жылына 12 миллион дана дәри-дәрмақ ислеп шығаратуғын кәрхана қурылады.

Үшиншиден, жергиликли шийки зат тийкарында қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша улыўма нырқы 407 миллиард сумлық 33 жойбар әмелге асырылады ҳәм 1 мың 200 жүз жаңа жумыс орны жаратылады.

Мысал ушын, Пастдарғом районындағы цемент кәрханасында жылына 560 мың тонна цемент, темир жол оңлаў кәрханасында 10 мың тонна графит ислеп шығарыў жолға қойылады.

Төртиншиден, Самарқанд үлкесинде жетистиретуғын шийрин мийўелер,  овощ өнимлериниң даўрығы пүткил дүньяға жақсы белгили. Өкинишке орай, бизде оларды заманагөй қайта ислеў, сақлаў ҳәм тутыныўшыға жеткериў бойынша нәтийжели система жолға қойылмағаны ушын бул байлықтың үлкен бөлеги қысқа жетпей жоқ болып кетеди.

Ҳәзирги күнде экологиялық таза ҳәм қәўипсиз азық-аўқат мәселеси дүнья жүзинде қандай әҳмийетли болып атырғаны бәршемиз телевидение, Интернет арқалы көрип-билип турмыз.

Әне усы мәселелердиң бәршесин есапқа алып, елимизде, соның ишинде, Самарқанд ўәлаятында мийўе-овощ жетистириў, оны сақлаў ҳәм қайта ислеўди буннан былай да көбейтиў илажларын көрип атырмыз.

Бул бағдарда соңғы жылларда ўәлаятта 9 мың гектардан артық интенсив мийўели бағлар жаратылғаны әлбетте үлкен жумыс болды.

Усы жыл апрель айында ўәлаятқа сапар ўақтында берилген тапсырмаға тийкарланып 1 мың 300 гектар ғоза, 230 гектар айғабағар ҳәм 60 гектардан аслам унаби плантациялары жаратылды. «Ертеңниң ғамын бүгиннен көрип қой» деген нақылға әмел етип, енди бул бағлардың мийўесин қайта ислеў, олардан қандай өнимлер таярлаў, оларды дүнья базарына шығарып сатыў ҳаққында ойлаўымыз керек.

Неге дегенде, өнимниң базарын табыў – бул азап. Бүгин дүньяда, жәҳән базарында қандай күшли бәсеки ҳүким сүрип атырғаны сизлерге жақсы белгили.

Биз ҳәзирги күнге шекем ўәлаятта зүрәәтлиги төмен болған 7 мың 200 гектар жерди пахта ҳәм ғәлледен босаттық. 2018-2020-жылларда және 15 мың гектар майдан ғәлле ҳәм пахтадан босатылады. Бул жерлерде бағлар жаратылады ҳәм жоқары дәраматлы егинлер егиледи.

Усы тәризде аўыл хожалығының структуралық дүзилиси өзгереди, оның менен байланыслы қайта ислеў тармақлары, инфраструктуралар өзгереди. Усы мақсетте келеси 2 жылда мийўе-овощ жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша 519 миллиард сумлық 47 жойбар әмелге асырылады.

Нәтийжеде ўәлаятта қосымша рәўиште 6 мың 400 гектар жаңа бағ, 100 гектар ыссыхана, 24 мың тонналық суўытыў камералары қурылады, мийўе-овощты қайта ислеў дәрежеси 16 проценттен 31 процентке жеткериледи.

Хабарыңыз бар, биз жақында көп тармақлы фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер хожалықлары бойынша қарар қабыл етти.

Оған муўапық алдынғы Фермерлер кеңеси Көп тармақлы фермер ҳәм қыйтақ жер хожалықлары кеңеси сыпатында қайта шөлкемлестирилди, оның ўазыйпалары да, ўәкилликлери де кеңейтилди. Енди бул шөлкем әмелий ислер менен өзин көрсететуғын ўақыт келди.

Бесиншиден, шарўашылықты жедел раўажландырыў мақсетинде нәсилли қара малларды көбейтиў бойынша 47 миллиард сумлық 14 жойбар, қусшылық бойынша 186 миллиард сумлық 22 жойбар әмелге асырылады.

Сол тәризде ўәлаятта шарўа малларының саны 1,4 есеге өсиўине ерисиледи.

Самарқанд районындағы түйетаўық кәрханасында 40 миллард сумлық инвестиция есабынан 300 мың бас түйетаўық бағылатуғын хожалық шөлкемлестириледи.

Сизлерге жақсы белгили, жақында пал ҳәррешиликти раўажландырыў бойынша қарар қабыл еттик. Бул бағдарда Самарқанд ўәлаятында да  бир қатар жойбарларды әмелге асырыў көзде тутылмақта.

Сондай-ақ, терини қайта ислеў, оннан аяқ кийим ҳәм басқа да өнимлер таярлаў бойынша 38 миллиард сумлық 7 жойбар әмелге асырылады.

Алтыншыдан, «Үргит» еркин экономикалық зонасында 138 миллион долларлық 43 жаңа жойбар әмелге асырылады ҳәм 2 мың 500 жаңа жумыс орны жаратылады.

Жақында Түркия Республикасына әмелге асырған сапарымыз даўамында түркиялы исбилерменлер менен бул экономикалық зонада бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер өткердик. Енди әне усы келисимлерди әмелге асырыў ушын биз белимизди беккем буўып, еле де жуўапкершилик пенен ислеўимиз керек.

Биз Самарқанд ҳәм Каттақорған қалаларында, Булыңғыр, Нарпай ҳәм Пастдарғом  районларында бос турған ҳәм толық пайдаланылмай атырған санаат объектлери тийкарында 6 киши санаат зонасын шөлкемлестириўди мөлшерлеп отырмыз.

Жетиншиден, жоқарыда тилге алынған ири жойбарлардан тысқары, улыўма нырқы 340 миллирад сумлық 1 мың 700 ге жақын киши жойбар да әмелге асырылады ҳәм 7 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.

Бас министр орынбасары Ж.Қучқоров, Экономика министрлиги (С.Бекенов), Орайлық банк, Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Жураев) тийисли министрлик ҳәм компаниялар менен биргеликте, 20 күн мүддетте Самарқанд ўәлаятында 2018-2019-жылларда әмелге асырылатуғын ири инвестициялық жойбарлар бойынша бағдарлама ислеп шығыўы керек. Онда объектлерди иске түсириў мүддетлери, қаржыландырыў дәреклери, жойбар белсендилери ҳәм инвесторлар анық белгилеп қойылыўы лазым.

Есап палатасы (М.Икрамов) ҳәр бир жойбар қаншелли тийкарланғанлығы, оның қаржылай дәреклери кепилленген бе ямаса жоқ па, булардың бәршесин үйренип, өз шешимин бериўи керек.

Ҳүрметли дослар!

Самарқандтың үлкен туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў мәселесине айрықша тоқтап өтпекшимен. Бул бағдарда ўәлаятта қандай үлкен потенциал бар екени ҳаққында сизлердиң алдыңызда артықша айтып отырыўдың қәжети жоқ, деп ойлайман.

Туризм ҳаққында айтқанда, бир мәселеге айрықша итибарыңызды қаратпақшыман.

Айырым еллерде шет елли туристлердиң итибарын тартыўға қаратылған туристлик брендлер жаратыў ушын узақ жыллар ҳәм үлкен қаржы жумсаў талап етиледи. Яғный, олар көбинесе жоқтан бар етеди.

Қалаберсе, Самарқанд қаласы ушын пүткил әлемге белгили брендлерди буннан неше әсир бурын уллы бабаларымыз жаратып кеткен.

Өзиңиз ойлаң, Самарқанд қаласы, Имам Бухарий, Әмир Темур, Улығбек обсерваториясы, Ҳәзирети Даниел, Регистон, Шоҳи Зинда ансамбли деген исмлердиң өзи айтыў зәрүр болса, дүнья көлеминдеги белгили брендлер емес пе?

Гәп мине усындай шексиз естеликлеримиздиң, гөззал тәбиятымыздың, сақый жеримиздиң имканиятларынан ақылға уғрас пайдаланыўда. Оларды дүньяға көрсетиўде, тартымлылығын арттырыўда. Буның ушын заманагөй билим ҳәм тәжирийбе, туризм саласының барлық сырларын жибинен ийнесине шекем терең билиў, тымысыз ислеў, өз кәсибиниң шебери ҳәм пидәйысы болыў керек.

Биз бул бағдардағы жумысларымызды жоқары басқышқа көтериў мақсетинде 2017-2019-жылларда Самарқандтың туризм потенциалын жедел раўажландырыў илажлары бойынша айрықша бағдарлама қабыл еттик.

Бағдарламаға муўапық Самарқанд қаласында туристлер ушын арнаўлы «Самарқанд Сити» туризм аймағын қурыў белгиленди. Яғный мийманханалар қурыў, транспорт хызметин жақсылаў, қаланы абаданластырыў, жаңа туризм хызметлерин енгизиў ҳәм тараў ушын кадрлар таярлаў да итибарымыз орайында болады.

Бул бағдарда биз жаңа, заманагөй көз-қараслар тийкарында жумыс алып барып атырмыз. Яғный, «Қәўипсиз туризм» концепциясы ислеп шығылып, ол барлық аймақларда, соның ишинде, Самарқанд қаласына да кеңнен енгизиледи. Сол тәризде шет елли ҳәм ишки туристлердиң қәўипсизлигин толық тәмийинлеўге ерисемиз.

Бул бағдарда басланған системалы жумысларымыздың нәтийжесинде әзирдиң өзинде унамлы өзгерислер сезилмекте.

Буны 2017-жылда Самарқанд ўәлаятына 1 миллион 100 мыңнан зыят, соның ишинде, 150 мың шет елли ҳәм 950 мың жергиликли туристлердиң келиўи мысалында да көриў мүмкин.

Есап-санақларға бола, бул туристлер Самарқанд ўәлаятында түрли хызметлер ҳәм товарлар ушын жәми 480 миллиард сум жумсаған.

Салыстырып көриң, ўәлаяттағы барлық фермерлердиң жыл даўамында аўыр мийнет етип жетистирген пахтасы есабынан алған пайдасы бары-жоғы 52 миллиард сумды қурайды.

Әне усы еки сан мысалында да өзиңиз анық көрип турсыз, бурын итибардан шетте қалған туризм – пүткил халқымыз жыл он еки ай әўере болатуғын пахташылыққа салыстырғанда бир неше есе көп дәрамат келтиреди.

Бирақ, пахташылықты кеңейтиўдиң улыўма илажы жоқ болғаны ҳалда, Самарқандтың потенциалын есапқа алсақ, туризмди раўажландырыў имканиятлары шексиз.

Сонлықтан Бас министр орынбасары Ж.Қучқаров, туризмди раўжландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов), ўәлаят ҳәкиминиң туризмди раўажландырыў бойынша орынбасары (М.Восиев) Бағдарламада белгиленген барлық илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўи және 2018-жылда Самарқандқа келетуғын туристлердиң санын 2,5 миллионға, түсимлерди болса 1 триллион сумға жеткериў илажларын көриўи керек.

Сондай-ақ, ўәлаятта туризмди раўажландырыў бойынша төмендеги қосымша илажларды көриў зәрүр.

Бириншиден, «Өзбекистан ҳаўа жоллары» (У.Розуқулов), туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов):

бир ай мүддетте  елимиздеги барлық қалалар, соның ишинде, Самарқанд қаласы аэропортында хызмет мәдениятын арттырыў, барлық рәсмий тәртиплерди туристлер ушын тез ҳәм қолайлы шараятта әмелге асырыў бойынша анық илажларды көриўи керек;

еки ай мүддетте елимиздеги халықаралық аэропортларда туристлер ушын тийисли аймақтың туристлик потенциалы, соның ишинде, туристлик бағдарлар, мийманханалар, кеўилашар орынлар, транспорт ҳәм басқа да хызметлер ҳаққында шет тиллерде мағлыўматлар беретуғын туризм мәлимлеме орайларын шөлкемлестириў лазым.

Екиншиден, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети (А.Абудҳакимов) Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги, тийисли министрликлер менен биргеликте бир ай мүддетте шет елли туристлерге халқымыздың тарийхы ҳәм турмыс тәризи менен танысыў имканиятын беретуғын орынлар қурыў, хызмет сапарын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ислеп шығып, Министрлер Кабинетине усыныўы зәрүр. Соның ишинде, Самарқанд қаласында Әмир Темур бағын қурыў, бул жерде  туристлер өзин тап темурийлар дәўирине түсип қалғандай сезетуғын тарийхый-этнографиялық орталық жаратыўды нәзерде тутыў керек.

Сондай-ақ, шет елли туристлер ушын қызықлы болған дәстүрлеримиз, атап айтқанда, миллий тағамлар, өнерментшилик ҳәм бай тарийхымызды тәсиршең усылларда көрсететуғын этникалық-анимациялық орайлар шөлкемлестириў лазым.

Үшиншиден, Дин ислери бойынша комитет (О.Юсупов) Өзбекистан мусылманлары мәкемеси (У.Алимов) менен биргеликте елимиздиң ҳажы ҳәм умра зыяратларына баратуғын пуқаралар ушын анық реже тийкарында дәслеп Имам Бухарий комплексин зыярат етиўди шөлкемлестириў керек. Олар мүбәрек сапарына тек ғана әпиўайы зыяратшы емес, ҳәзирги ўақытта уллы бабаларымыздың мийрасын, елимизди үгит-нәсиятлайтуғын инсанлар сыпатында барса, нур үстине нур болар еди.

Биз, мине, имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайын шөлкемлестирмектемиз. Бул жойбарға пүткил ислам дүньясында қызығыўшылық үлкен. Жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының сессиясында да сол туўралы айттық.

Әлбетте, бундай орайды қурыўдан мақсет тек ғана туристлердиң санын көбейтиў, экономикалық пайда алыў емес. Бизиң мақсетимиз – Қураны кәримнен кейин ең уллы дәрек болған ең исенимли ҳәдислер топламын жаратқан Имам Бухарий бабамыздың қутлы мийрасы менен халқымыз, бәринен бурын жасларымызды таныстырыўдан, олардың қәлбинде миллий мақтаныш сезимин оятыўдан ибарат.

Мине, Ташкентте Ислам цивилицазиясын қурып атырмыз. Балаларымыз басын бәлент көтерип, мен мине сондай уллы инсанлардың әўладыман, деп жасайтуғын болсын, оларға мүнәсип болып кәмалға келсин.

Ислам дини – бул терроризм ямаса экстремизм дини емес керисинше, жақсылық, уллылық, кеңпейиллик дини екенин әйне мине усындай бабаларымыздың мийрасын оқып-үйренип түсинип жетсин. Ҳақыйқый ағартыўшылық пенен жаўызлық дүньясын жақтыландырыў – мине, бизиң мақсетимиз.

Төртиншиден, Хорезм ўәлаяты тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда , биз еки туризмниң жаңа бағдарын енгизбекшимиз. Оған бола, елимиздеги ири хожалық бирлеспелери, бюджет шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик емес-коммерциялық емес шөлкемлер хызметкерлериниң Самарқанд ўәлаятына саяхат етиўин системалы тәризде шөлкемлестириў лазым.

Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!

Инсан мәплери ҳаққында айтқанда биз бәрқулла халық дерлик ҳәр күни мүрәжат ететуғын ең әҳмийетли тараўлар – денсаўлықты сақлаў, тәлим-тәрбия ҳуқық қорғаў системаларында жағдайды жақсылаў ҳаққында айтамыз.

Мен өзимниң Президент сыпатындағы жумысымды усы тараўларға айрықша итибар берип атырғаным тегин емес. Себеби әне усы тараўларда әдиллик болса, басқа тараўларда да әдиллик болады.

Егер бул системаларда тәртип-интизам, инсанға итибар болмаса, өзиңиз айтың, басқа тараўлардан не күтиў мүмкин? Адамды – адам, жәмийетти – жәмийет ететуғын әне усы тараўлар, десем, бәршеңиз бул пикирди қоллап-қуўатлайсыз деп ойлайман.

Усы көз-қарастан қарағанда, Самарқанд ўәлаятында халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, аўыллық жерлерде 43 шаңарақлық поликлиника, қала ҳәм районларда 47 қәнигелестирилген бөлим шөлкемлестирилип, халыққа жасаў орнының өзинде қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетилип атырғаны – үлкен жаңалық, жумысымыздағы үлкен илгерилеў, десек, дурыс болады.

Быйыл шыпакерлер жетиспейтуғын районлық медицина бирлеспелерине    284 улыўма әмелият шыпакери ҳәм 90 анық қәнигели шыпакер жумысқа қабыл етилди.

Елимиз медицина мәкемелери ушын жаңалық болған патронаж мирибийкелердиң саны 33 процентке көбейип, халықты патронаж система менен қамтып алыў кеңейди.

Республикалық қәнигелестирилген медицина орайлары хызметкерлери ўәлаятқа жиберилип, олар тәрепинен 6 мың 200 халық медициналық көриктен өткерилди, 90 ямаса өткен жылға салыстырғанда 3 есеге көп жоқары технологиялық операциялар әмелге асырылды.

Тез медициналық жәрдем шақапшалары қосымша 100 автомобиль менен тәмийинленди, олардың дәри-дәрмақ пенен тәмийинлениўи орташа 2-3 есеге артты.

Бундай мысалларды және даўам еттириў мүмкин.

Лекин бул жумыслар тек ғана биринши қәдем. Бул мәселеде бизди тек санлар емес адамлардың турмысындағы өзгерислер, сапа өзгериўи қызықтырады. Усы мәниде, ўәлаятта бул тараўда кемшиликлер көп екенин ашық айтаман.

Мысал ушын, усы жылдың 9 айы даўамында нәрестелердиң өлими өткен жылға салыстырғанда 17 ге артып, 435 ти қураған. Аналар өлими де 16 процентке көбейген.

Ўәлаятта онкологиялық кеселликлер менен есапқа алынған наўқаслардың 62 проценти кеселликтиң үшинши ҳәм төринши басқышларында, яғный, жүдә кеш анықланған. Шыпакерлер тәрепинен профилактикалық тексериўлерге ҳәм онкологиялық кеселликлерден ескертиў бериўге жетерли итибар қаратылмағаны, бийпәрўалыққа жол қойылып атырғаны бундай жағдайларға тийкарғы себеп болмақта.

Ўәлаятта бүгинги күнде 681 шыпакерлик орны бос тур. Әсиресе, аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм аўыллық шаңарақлық поликлиникаларында  384 шыпакердиң орны бос тур.

Бул машқаланы шешиў ушын Самарқанд медицина институтына ҳәм басқа да медицина институтларына қосымша орынлар ажыратылған болса да, жағдай унамлы тәрепке өзгермей атыр.

Денсаўлықты сақлаў минўистрлиги (А.Шодмонов), Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги менен бирге, бир ай мүддетте денсаўлықты сақлаў системасында жүзеге келген машқалаларды шешиў бойынша илажларды ислеп шығып, әмелге асырсын.

Сондай-ақ, 2018-жыл Каттақурғон қаласы, Пайарық, Үргит ҳәм Пахташы районларының медицина бирлеспелериниң жанында туўыў бөлимлерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, Самарқанд медицина инстиутының туўыў бөлиминде районлараралық перинатал орай шөлкемлестириў илажларын көриў лазым.

Ўәлаятта жаслардың талантын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўтлаў бағдарында да бираз жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул ҳаққында айтқанда, быйыл жас шаңарақлар ушын 64 квартира қурып питкерилип, өз ийелерине тапсырылғанын атап өтиў лазым.

Тарийхқа нәзер салатуғын болсақ та, бүгинги күнге қарасақ та Самарқанд үлкесинен көп тараўлар бойынша қандай уллы, талантлы инсанлар жетисип шыққанына ҳәм шығып атырғанына гүўа боламыз.

Самарқанд жасларының илим, мәденият ҳәм көркем өнер әсиресе, спорт салаларында ерисип атырған жетискенликлери мени жүдә қуўандырады.

Быйыл жаслар арасында шахмат бойынша жәҳән чемпионы болған Жаҳангир Воҳидов, муай-тай бойынша жәҳән чемпионатында биринши орынды ийелеген Бобур Тожиев, математика пәни бойынша халықаралық олимпиадада алтын медальды қолға киргизген Жаҳангир Тураев сыяқлы перзентлеримиз бүгин барлық қатарларына өрнек болмақта.

Биз олардың тымсалында жасларымыздың кәмалға келиўи жолында ислеп атырған жумысларымыздың нәтийжесин көрип, әлбетте, қуўанамыз.

Сондай-ақ, бүгинги қыйын ҳәм қәўип-қәтерге толы дүньяда жаслар тәрбиясы биз ушын ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа болып киятырғанын ата-ана, устаз-тренер сыпатында бәримиз жақсы түсинемиз.

Сонлықтан да жасларымыздың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, тәлим-тәрбия мәселелесинде қәте ислеўге ҳеш қандай ҳаққымыз жоқ. Бул мәселеде қәте ислесек, балаларымызға, перзентлеримизге, Ўатанымызға қыянет еткен боламыз.

Усы мәнисте, жаслар тәрбиясы, олардың турмыслық мүтәжликлери менен талапларын тәмийинлеў бағдарында ўәлаятта машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенине көз жумып болмайды. Мысал ушын, Самарқанд қаласындағы мәлимлеме-ресурс орайы бүгинги күнниң талабына жуўап бермейди. Каттақорған, Пайарық ҳәм Тайлақ районларында жаслардың мәдений дем алыўы ушын толық шараятлар жаратылмаған.

Ўәлаятта 488 жас өспиримлер, соның ишинде, 138  қыз бала ишки ислер уйымларында есапта туратуғыны бәримизди тәшўишке салыўы керек.

Сонлықтан ўәлаят ҳәкимлиги (Т.Жураев), Жаслар аўқамы менен биргеликте, бириншиден, Самарқанд қаласындағы мәлимлеме-ресурс орайының жумысын түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм оны заманагөй илимий-көпшилик ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў илажларын көриўи лазым.

Екиншиден, Экономика, Қаржы ҳәм Мәденият министрликлери менен биргеликте Каттақурған, Пайарық ҳәм Тайлақ районларында 2018-жылы заманагөй кинотеатр ҳәм мәдений дем алыў орайларын қурыў бойынша анық илажларды ислеп шығыўы керек.

Үшиншиден, қала ҳәм районлардағы «Бәркамал әўлад» балалар дөретиўшилиги орайларын, музыка ҳәм спорт мектеплерине жасларды тартыў бойынша 20 күн мүддетте анық илажлар белгилеў лазым.

Биз быйыл билимлендириў системасында үлкен өзгерислерди әмелге асырғанбыз, соның ишинде, Мектеке шекемги билимлендириў министрлигин шөлкемлестиргенимизден бәриңиз хабардарсыз.

Бүгинги турмыстың өзи көрсетип турғанындай, баланы мектепке шекемги билимлендириў системасында тәрбияламай турып, физикалық ҳәм руўхыйлық жақтан саламат жасларды тәрбиялап болмайды.

Сол себепли, кишкене перзентлеримиздиң сана-сезимине балалық жылларынан жетик шахсқа тән көнликпелер менен пазыйлетлерди сиңдириў мақсетинде биз келеси 3-4 жылда елимиздеги барлық балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине жүз процент қамтып алыў ўазыйпасын өз алдымызға қойғанбыз ҳәм оны әлбетте әмелге асырамыз.

Самарқанд ўәлаятында бүгинги күнде 3-7 жастағы балалар 272 мыңды қураўы, олардың тек ғана 74 мыңы яки 27 проценти бақшаға қатнайтуғынын есапқа алатуғын болсақ, бул мәселе Самарқан ушын да қандай әҳмийетли екени белгили болады.

Бирақ, тилекке қарсы, соншама баланың бақшаға қамтып алынбағанына қарамастан, ўәлаяттағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ҳәр қыйлы себеплерге бола 11 мың орының бос турғанын ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды.

Ҳәзирги күнде Тайлақ, Қушрабат, Самарқанд, Оқдарё районларында ҳәм Самарқанд қаласында бақшалардың қуўатлылығы жетиспейди.

Системадағы машқалалардан бири – бул кадрлар потенциалының төмен екени ҳәм олардың жетиспеўшилиги менен байланыслы. Бүгинги күнде системадағы 3 мың 500 тәрбияшының тек ғана  5 проценти жоқары мағлыўматлы, соннан 2 проценти қәнигелиги бойынша жумыс алып бармақта.

Есап-санақларға бола, ўәлаятта 5-6 жастағы балалар ушын 3 мыңнан аслам тәрбияшы талап етилмекте.

Каттақорған, Нарпай, Пастдарғом, Пахташы, Қушрабат ҳәм Үргит районларында 118 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси материаллық-техникалық жақтан улыўма талапқа жуўап бермейди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.Мажидов), Мектепке билимлендириў министрлиги (А.Шин), Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Жураев) бир ай мүддетте жоқарыда атап өтилген машқалалар бойынша алдынғы шет ел тәжирийбелерин үйренген ҳалда, пуқта ҳәм терең ойланған комлексли илажларды ислеп шығыўы зәрүр.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Коммуналлық хызметлер, электр ҳәм газ тәмийнаты бойынша гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын сапалы жуўмақлаў мәселеси де халықтың мәплери менен тиккелей байланыслы екени ҳеш кимге сыр емес.

Ўәлаятта турақ-жайлар ҳәм социаллық сала объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Бирақ, орынларда халықтың қосымша талабына тийкарланып ҳәм арнаўлы шөлкемлестирилген жумысшы топардың үйрениўи нәтийжесинде анықланған кемшиликлердиң шешилмегенин өкиниш пенен айтыўға туўра келеди. Атап айтқанда, ўәлаятта 129 турақ жайдың төбеси, 35 турақ жайдың жер төлеси, 41 кириў жоллары оңланбаған. Сондай-ақ, ширкетлерге ажыратылыўы зәрүр болған 26 миллиард  400 миллион сумлық кредит қаржыларынан 7 миллиард 100 миллион сумы ажыратылмаған.

Халық ушын 30 мың тонна көмир ҳәм 20 мың тонна брикет, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерине 5 мың тоннадан асалам брикет өнимлери жеткерип берилмеген.

Ўәлаят бойынша 432 километр электр тармақлары реконструкцияланбаған ҳәм жаңадан қурылмаған, 25 трансформатор пункти реконструкцияланбаған.

Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов, Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (М.Салиев), «Өзбекэнерго» (У.Мустафоев) ўәлаят ҳәкимлиги менен биргеликте айтып өтилген барлық кемшиликлерди 15 күн мүдетте шешиўи зәрүр.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Самарқанд ўәлаятында ҳуқықты қорғаў уйымларының жумысы қанаатландырарлы емес екени усы жыл  17-августта өткерилген видеоселекторда сынға алынған еди.

Әне, соннан соң көрилген илажлар нәтийжесинде ўәлаят бойынша жынаятлардың улыўма саны өткен жылға салыстырғанда  82 ге азайған.

Бирақ соған қарамастан ўәлаятта ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы жумыслар бүгинги күнниң талапларына жуўап бермейди.

Аўыр жынаятлар   193 ке көбейген. Әсиресе, адамның өмирине қас етиў 9 ға, талан-тараж етиў 16 ға, алдыўшылық 37 ге, урлық 62 ге көбейгени бәримизди тәшўишке салыўы керек.

Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи О.Муродов Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура (М.Азимов) менен биргеликте,  еки ҳәпте мүддетте  Самарқанд ўәлаятында ҳәр бир жынаяттың түрин, биринши гезекте саны артқан жынаят түрлерин талқылап, олардың алдын алыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығып, әмелге асырсын.

Және бир әҳмийетли мәселе – Пахташы районындағы жағдайға тоқтап өтпекшимен.

Бул районда соңғы үш жылда баҳалы металларды нызамсыз түрде қазыўға байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары бурынғыдай болып қалмақта.

Усы дәўирде 12  жынаят, 123 ҳуқықбузарлық исленип, 263 шахс жуўапкершиликке тартылған.

Ең аянышлысы, бундай нызамсыз жумыс пенен шуғылланып атырған шахслар өзиниң өмирин қәўип астына қоймақта – қанша адам топырақтың астында қалып набыт болмақта.

Бул мәселеге анық қатнас жасаўдың ўақты келди. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте  усы машқаланы ҳәм бул бағдарда жәҳән тәжирийбесин үйренип шығып, оны шешиў, зәрүр болса, артель дүзиў бойынша усыныс киргизсин.

Екиншиден, профилактика инспекторлары, мәҳәлле ўәкиллери, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар шөлкемлери өз ўазыйпасына жуўапкершиликсиз бенен қарап атырғаны да жынаятлардың алдын алыў нәтийжесин төменлетпекте.

Профилактика инспекторлары ушын турақ жай шараяты, оларды хызмет бөлмелери ҳәм автомашиналар менен тәмийинлеў мәселелерин шешип бермектемиз. Бирақ, енди нәтийжени сорайтуғын ўақты келди. Қәне нәтийже! Тилекке қарсы Самарқанд ўәлаятында бул сораўға унамлы жуўап жоқ.

Мине, бир мысал. Самарқанд қаласындағы  33 мәҳәлледе исленген жынаятлардың кеминде ярымы додаланбаған. Көпшилик мәҳәллелерде додалаўлар атына тек ғана есабат ушын шөлкемлестирилген. Бул бағдарда мәҳәлле баслықлары, профилактика инспекторлары қай жаққа қарап атыр, деген сораў туўылады. Қопал болса да айтыў керек, ҳәммеси уйықлап атыр. Ямаса өзи-менен өзи әўере.

Ҳаял-қызлар тәрепинен исленген 436 жынаяттың көпшилиги шаңарақлық келиспеўшиликлердиң ақыбетинде келип шыққан.

Ҳаял-қызлар тәрепинен өз жанына  қаст етиў дәрежеси жоқары болып қалмақта, яғный 145 ти қурамақта.

Ҳаял-қызлар комитетиниң жуўапкер басшылары бул санларды қалай түсиндиреди!

Мәҳәлле ўәкиллери, профилактика инспекторлары өз аймақларында үйме-үй жүрдик, шаңарақлардағы жағдайды үйрендик, деп есап береди-дә, бирақ, ҳақықый жағдайдан олардың улыўма хабары жоқ екени талқылаўлар процесинде айқын көзге тасланбақта.

Ескертип айтпақшыман: бундай жасалма есабатлар менен ислейтуғынлар нызам бойынша тийисли жазасын әлбетте алады. Президент сиясатының абыройын төгетуғын бундай көз бояўшылықларға ҳеш қашан жол қойылмайды.

«Мәҳәлле» қоры (Ш.Жавлонов), «Нураный» қоры (Ш.Жалилов), Ҳаял-қызлар комитети (Т.Норбоева), Ишки ислер министрлиги ҳәм Жаслар аўқамы менен биргеликте, бир ай    мүддетте аймақлардағы шаңарақлық жәнжеллер, қоңсылардың арасындағы келиспеўшиилклер менен қарама-қарсылықлардың түп себеплерин анықлап, олардың шешимин табыў, тәреплерди жарастырыў бойынша зәрүр илажлар көрилиўин тәмийинлесин.

Жынаятлардың ерте алдын алыўда, халық пенен нәтийжели пикирлесиўди орнатыўда, тынышлықты-татыўлықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги күнде ишки ислер уйымлары мәкемелериниң оғада орайласқан ҳалда орналасыўы олардың өз ўазыйпаларын нәтийжели шешиў имканиятын бермей атыр.

Бул, бир тәрептен, жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигиниң төменлеўине алып киятырған болса, басқа тәрептен, халыққа өз машқаласын шешиўде қолайсызлық туўдырмақта.

Биз ишки ислер уйымларының хызметкерлерин халыққа және де жақынырақ етиў мақсетинде хызметкерлердиң тийкарғы бөлеги тиккелей орынларда, керек болса, ҳәр бир сектордың аймағында хызмет алып барыўын тәмийинлеўимиз керек.

Мәмлекетлик кеңесгөй О.Муродов Ишки ислер министрлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Жураев) пенен биргеликте, еки ҳәпте мүддетте Самарқанд қаласы ҳәм Үргит районы ишки ислер уйымлары структурасын және күш ҳәм қуралларының бөлистирилиўин түп-тийкарынан қайта көрип шығып, тәжирийбе түринде бар хызметлердиң жумысын орынларда мақсетли шөлкемлестириўге және оны нәтийжели муўапықластырыўға байланыслы усыныслар киргизсин.

Үшиншиден, жоқарыда атап өтилген барлық кемшиликлер ишки ислер уйымларында кадрларды таңлаў, орны-орнына қойыў, қайта таярлаў бойынша жумыслардың қанаатланарлы емеслиги менен байланыслы.

Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң тийкарғы ўазыйпасы жынаятларды ерте анықлаўдан ҳәм алдын алыўдан ибарат. Бирақ, олардың өзлери тәрепинен аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятлар исленсе, оны қандай түсиндириў мүмкин?

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде 42 ишки ислер хызметкери тәрепинен 25  жынаят исленген. Олардың 10 ы лаўызымынан өз мәпине пайдаланыў, 7 и пара алыў менен байланыслы жынаятлар ислеген. Бундай ишки ислер хызметкерлериниң 9 ы ўәлаят көлеминдеги хызметкерлер екени оғада аянышлы.

Ўәлаятта ҳәр жылы ишки ислер хызметкерлери тәрепинен орташа 40 қа шамалас жынаят исленбекте. Бул көрсеткиштиң жоқары дәрежеде қалып атырғаны ҳәм бул бағдардағы профилактикалық илажлардың нәтийжесизлиги бизди оғада тәшўишке салмақта.

Тәбийғый бир сораў туўылады? Самарқанд ўәлаяты ишки ислер басқармасының баслығы Ф.Қувондиқов бундай жағдай қалай түсиндиреди? Ямаса ол узақ мүддет бул лаўазымда ислеп шаршап қалды ма?Егер шаршамаған болса, жумысында нәтийже болыўы керек. Нәтийже болса жоқ. Бул да ҳақыйқат.

Бундай кеўилсиз жағдайға Ишки ислер министрлиги басшылығы айрықша, қайталап айтаман, айрықша итибар қаратыўы шәрт.

Ишки ислер хызметкери халқымызға үлги, өрнек көрсететуғын, керек болса, ел-халық ушын пидайы инсан болыўы керек. Себеби, ишки ислер хызметкерине исенип халқымыз түнде үйинде тыныш уйқылайды, күндиз жумыс орнында нәтийжели мийнет етеди.

Буннан былай ишки ислер системасында кадрлар менен ислесиў, олардың маманлығын ҳәм жуўапкершилигин арттырыў жумысларына айрықша итибар қаратылып, бул мәселе қатаң қадағалаўға алыныўы зәрүр.

Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Мурадов бир ҳәпте мүддетте Самарқанд ўәлаяты ишки ислер басқармасының жумысын ҳәр тәреплеме сын көз-қарастан көрип шықсын.

Ўәлаят басшыларының усы салада әмелге асырған жумыслары бойынша есапларын тыңлаўды шөлкемлестирсин. Басқарма баслығы Ф.Қуводиқов ийелеп турған лаўазымына ылайық па ямаса ылайық емес пе – усы мәселе бойынша усыныс киргизсин.

Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Мурадов Ишки ислер министрлиги менен биргеликте, бир ҳәпте мүддетте  ишки ислер уйымларының хызметкерлери тәрепинен ислениўи мүмкин болған унамсыз жағдайлардың келип шығыўына шек қойыў ҳәм жеке қурам арасында руўхый орталықты жетилистирип, тәртип-қағыйданы беккемлеў бойынша анық илажлар көрсин.

Ҳүрметли депутатлар!

Бүгин биз Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарындағы айырым нәтийжелерди қысқаша талқылап, бул бағдардағы ең әҳмийетли ўазыйпаларға ғана тоқтап өттик.

Тилекке қарсы, ўәлаяттың бурынғы баслығының бар имканиятларды толық жумсаўға қурбы жетпеди, ўәлаят халқын бирлестириўди ҳәм оған басшылық етиўди еплей алмады, өзин жуўапкершиликли жумыслардан шетке алды. Сол себепли быйылғы жыл июнь айында Ҳ.Оқбутаевты ўазыйпасынан азат етип, Туробжон Жураевты ўәлаятқа ўақтынша басшы етип тайынладық ҳәм оны және бир мәрте сынақтан өткердик.

Усы мүнәсибет пенен бүгинги сессияда шөлкемлестириў мәселесин, яғный, Самарқанд ўәлаятына жаңа ҳәким тайынлаў мәселесин көрип шығыўымыз керек.

Биз халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесиндеги сиясий партиялардың топарлары менен, ўәлаят белсендилери ҳәм ақсақаллары менен ҳәр тәреплеме мәсләҳәтлестик.

Усы тийкарда мен үлкен тәжирийбеге ийе болған, бир неше жыллар даўамында министр, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында ҳәким болып ислеген, бүгинги күнде Самарқанд ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарып киятырған Туробжон Инромович Жураевтың кандидатурасын ўәлаят ҳәкими лаўазымына  усыныс етемен.

Т.Жураев 1966-жылы туўылған. Өз жумысы даўамында Ташкент мәмлекетлик экономика университетинде сабақ берген. Қаржы министрлигинде басқарма баслығы, министр орынбасары болып ислеген.

Соңынан халық биимлендириў министри, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының ҳәкими лаўазымларында жумыс ислеген.

2017-жылы Бекобод районының ҳәкими, июнь айынан баслап болса, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы сыпатында жумыс ислеп келмекте.

Туробжон Жураев экономист илимпаз, үлкен әмелий тәжирийбеге ийе басшы сыпатында өткен 5 ай даўамында Самарқанд ўәлаятының экономикасының ҳәм социаллық саласының ишине бара алды, адамлар менен жақыннан пикирлесип, олардың исенимине еристи.

Ол буннан былай да мойнындағы үлкен жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда, Самарқанд халқы менен тил табысып, бул көпти көрген, мәрт ҳәм жоқары мәртебели халыққа мүнәсип болып жумыс алып барады, деп исенемен.

Әзиз ҳәм ҳүрметли дослар!

Бүгинги жедел пәтлер менен раўажланып атырған заман бир-биринен өткир ҳәм қыйын ўазыйпаларды алдымызға қоймақта. Өзиниң неше мың жыллық тарийхында көп сынақлар менен машақатларды мәртлерше жеңип өткен, данышпан Самарқанд халқы бул ҳақыйқатты жақсы түсинеди деп ойлайман.

Сонлықтан да биз бүгинги жуўапкершиликли дәўирде өз алдымызға қойған жоқары мақсетлер менен шеклерге жетиўде пүткил халқымыздың қатарында Самарқанд халқының ақылына, үлкен мийнет ҳәм тәжирийбесине сүйенемиз.

Жигерли, мийнеткеш Самарқанд халқы ўәлаяттың жаңа баслығының әтирапына бирлесип Самарқанд топырағын буннан былай да раўажландырыў жолында унамлы нәтийжелерге ерисетуғынына әлбетте, исенемен.

Усы жолда бәриңизге саў-саламатлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.