Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша режелер ҳәм бағдарламалар менен танысыў, перспективадағы ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 9-ноябрь күни Самарқандқа келди.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳәзирети Хизр комплексинде болып, Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Қуран оқылды.

Шавкат Мирзиёев усы комплексте алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 25-январьдағы «Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.  2017-жыл 31-август күни пайтахтымызда, 2-сентябрь күни Самарқанд қаласында ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Кәримовтың уллы ескерткишлери ашылды.

Сондай-ақ, Ислам Кәримов жерленген естелик комплексиниң аймағында соңғы пардозлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Президентимиз  ўәлаятқа алдынғы сапар етиўлери ўақтында мавзолейдиң қурылысын жуўмақлаў, зыяратшылар ушын шараятларды буннан былай да жақсылаў, аймақты абаданластырыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Өткен ўақыт даўамында бул жерде орынланған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде комплексли бир пүтин архитектуралық ансамбльге айланды. Мавзолейдиң әтирапында Ҳәзирети Хизр мешити менен үйлесикли ҳалда миллий усылдағы ҳәўлилер қурылды. Жоллардың әтирапы мрамор пәнжере менен қапланды, зыяратшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде заманагөй лифтлер орнатылды.

Зыяратқа келиўшилирге жылдың төрт мәўсиминде де қолайлы болыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Әтираптағы жоллар оңланып автомобильлердиң тоқтаў орны қурылды. Шоҳи Зинда қойымшылығының дийўаллары реконструкцияланып, аймағы абаданластырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы комплекстеги шараятларды буннан былай да жақсылаў бойынша жуўапкер адамларға усыныслар берди.

Президентимиз Самарқанд қаласындағы ески лифт қурылысы заводының аймағында шөлкемлестирилген жаңа санаат комплексинде болып, ўәлаятта әмелге асырылып атырған ири жойбарлар менен танысты. Дәслеп жеңил санаат кәрханаларында ислеп шығарылған өнимлердиң үлгилери менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 14-15-апрель күнлери ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында берилген тапсырмалар тийкарында 2017-2018-жылларда әмелге асырылыўы нәзерде тутылған 19 жойбар бойынша избе-из жумыслар орынланбақта.

«Сам Рафоат текстиль»,  «8-март», «Иман текс», «Самарқанд Евро Азия текстиль», «Амин инвест интернейшнл», «Мароқанд сифат» сыяқлы кәрханаларда таярланып атырған тигиў-трикотаж өнимлери, боялған трикотаж гезлеме ҳәм кийим-кеншеклер ишки базардан сыртқы экпортқа да бағдарланбақта. Бул кәрханалардың потенциалын арттырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў имканиятын бермекте.

Сондай-ақ, Пастдарғом, Самарқанд, Булунғур, Оқдарё районларындағы бир қатар кәрханаларда жаңа жойбарлар ислеп шығылмақта. Соның нәтийжесинде жинси гезлеме, жинсиден таяр кийим-кеншек жаңа түрдеги вельвет, мебель гезлемелер, аралас ҳәм синтетикалық гезлемелер ислеп шығарыў көлеми кеңейеди.

Шавкат Мирзиёев салада жаратылатуғын ҳәр бир жумысшының орны әҳмийетли екенин, бул кәрханалардың перспективасын белгилеўде ҳәм халықты турақлы жумыс пенен тәмийнлеўде айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Усы жерде терини қайта ислеў, былғары тери аяқ-кийим ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар туўралы да мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Ideal elektroluks» Өзбекистан-Түркия бирге ислесиў кәрханасында ислеп шығарылып атырған турмыслық техника үскенелери, «Sino» акционерлик жәмийетинде таярланып атырған музлатқыш ҳәм суўытқышларды көзден өткерди. Өимлерге сыртқы базарда қарыйдар табыў, экспорттың имканиятларын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Президентимизге  2018-2019-жылларда Самарқанд ўәлаятын комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Оған бола, улыўма баҳасы 5,2 триллион сумлық 2020 жойбар турмысқа енгизиледи, 19 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Бул бағдарламаны орынлаў нәтийжесинде келешекте халықтың дәраматларын 2 есеге, санаат өнимлериниң көлемин 1,7, хызмет көрсетиўдиң көлемин 1,8, жумысты бөлип алып ислеў жумысларының көлемин 1,9, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўдиң көлемин 1,4 мәртеге арттырыў режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев жойбарларды әмелге асырыў мүддетлерин қысқартыў, сондай-ақ, 2018-жылға мөлшерленген режелер дүзиў зәрүрлигин атап өтти. Онда шет елли инвесторларды кеңирек тартыўға ҳәм таяр өним ислеп шығарыўға итибар қаратыў лазым.

Ўәлаятта автомобиль қурылысы, электротехника, фармацевтика салаларында әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар да өнимлердиң түрлерин көбейтиў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў имканиятын береди.

Самарқанд ўәлаятында жер асты байлықлары көп. Соның ишинде, керамикалық плиткалар, цемент, тәбийғый пардоз бериўши таслар, металды тегислеўде ҳәм полимеризациялаўда қолланылатуғын қазылма байлықлардың резервлери бар.

«Өзқурылысматериаллары» акционерлик жәмийети тәрепинен усы бағдарда келешекте 100 ден аслам жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған болып, усы мақсетлер ушын тийкарынан шет ел инвестициялары тартылады.

Бүгинги күнде ўәлаяттағы кареьрлерден толық пайдаланып, қурылыста ислетилетуғын затларды қазып шығарыў көбейтилмекте. Бир ғана Нурабат районында Түркия менен биргеликте 25 миллион доллар есабынан 500 мың кубометр газоблок ислеп шығарыў жойбары ислеп шығылды.

Шавкат Мирзиёев белгиленген жойбарлар ўәлаяттың потенциалына сәйкес емес екенин ҳәм бул бағдарда буннан былай да нәтийжели жойбарларды өзлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Пахтачи, Каттақорған, Нарпай районларында еле пайдаланылмаған қаншадан-қанша байлықлар бар, деди мәмлекетимиз басшысы. Бул аймақларда геологиялық излениўлер алып барыў, шеттен инвесторларды тартқан ҳалда жаңа кәнлерди өзлестириў лазым. Бул сапалы қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў менен бирге жүзлеген жумыс орынларын жаратыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятының туристлик потенциалын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарларға да айрықша итибар қаратты.

2017-2018-жылларда Самарқанд ўәлаятының туристлик потенциалын раўажландырыў бағдарламасы бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди. Бағдарламаға муўапық 2018-жылы ўәлаятта 19 мийманхана қурылып пайдаланыўға тапсырылады. Нәтийжеде салада мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.

Самарқанд қаласында қосымша мийманханалар қурыў ушын оннан аслам орын таңланған. Соның ишинде, Түркияның «APEAS» компаниясына 20 миллион доллар муғдарында инвестиция киргизиў есабынан 4 жулдызлы мийманхана қурыў ушын жер ажыратып берилген. Заманагөй мийманханалар менен бирге шет елли туристлердиң арасында үлкен қызығыўшылық оятатуғын үй мийманханалар системасын қурыў режелестирилген.

Президентимиз быйылғы жылы шет елден келген туристлер ўәлаяттың экономикасына келтирген пайда басқа көплеген салаларға салыстырғанда жоқары екенин атап өтти. Ўәлаятта туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў шет елли туристлердиң ағымын көбейтиў, экономиканың раўажланыўына жаңа пәт беретуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының ўәлаятқа сапар етиўлери ўақтында берген көрсетпелери тийкарында Самарқанд қаласының Чўпонота массивин абаданластырыў, жаңа автомобиль жолын ашыў, қала халқы менен туристлер ушын заманагөй хызмет көрсетиў объектлерин ҳәм мийманханалар қурыў мөлшерленбекте.

Ўәлаяттың туризмине тийисли және бир ири жойбар – Амир Темур көшесиндеги бурынғы «Алпомиш» заводының аймағында қурылатуғын «Самарқанд-Сити» туристлик зонасы болып табылады. Сондай-ақ, Самарқанд ескек есиў каналының әтирапында да заманагөй туристлик киши қалашасы қурылады.

Президентимиз шет елли қәнигелердиң қатнасыўында ислеп шығылған туристлик орайлардың жойбарлары менен танысып, туристлик хызметлерге болған талаптың артып атырғанын инабатқа алып, туристлер ушын барлық шараятларды жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев усы жерде заманагөй жойбарларды әмелге асырыў бойынша түркиялы исбилерменлер менен сәўбетлести.

Жойбарлар менен танысыў ўақтында Президентимиз аўыл хожалығында жаңа тармақ – ғоза жетистириўди көбейтиў, бул бағдарда алдынғы шет ел тәжирийбесин үйренген ҳалда өзимизге тән бағшылық мәдениятын жетилистириў, бүгинги күнде дүнья базарында талап жоқары болған ғоза өнимлериниң экпортын раўажландырыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берди. Сондай-ақ, Самарқанд ўәлаятында шарўашылық, балықшылық ҳәм басқа да тармақларда перспективалы жойбарларды белгиленген мүддетлерде әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сол күни халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президентимиздиң усынысына бола, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Туробжон Жўраев Самарқанд ўәлаятының ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Самарқанд ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары