Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис өткерди.

Жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм үнемли пайдаланылса ғана жоқары зүрәәтлилик ҳәм берекет болады. Бирақ кейинги 30 жыл даўамында ирригация тармақларына итибар берилмегени ҳәм жерге ийесизлерше  қатнаста болыў ақыбетинде 450 мың гектар суўғарылатуғын жерлер жарамсыз ҳалға келип қалды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде өзлестириў имканияты болған 1 миллион гектардан аслам жер бар. Бул жерлерди ирригация жумысларын орынлаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, аз суў талап ететуғын егинлерди егиў есабынан өзлестириў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте бул жерлерди қайта өзлестириў бойынша нәтийжели системаны енгизиўге қаратылған илажлар додаланды.

Халықаралық тәжирийбе тийкарында пайдаланыўдан шыққан жерлерди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында өзлестириў тәртибин жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди. Онда инвесторлар өзлистирилген жерлерде егинлерди бийғәрез жайластырыў, жер майданларын екилемши ижараға бериў ҳәм зәрүр инфраструктуралық объектлерди қурыў ҳуқықына ийе болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Жәҳән банкиниң пайдаланыўдан шығып кеткен жерлерди бир районда үлги сыпатында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында өзлестириўге қаратылған усынысты мақуллап, тийисли министрликлердиң басшыларына усы жойбарды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

1bf4f20b_8a40_342a_ad32_52f710941ab2.jpg

Ирригация тармақларын ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыў механизмин енгизиў  бойынша усыныслар билдирилди.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Давергеодезкадастр» комитетине 2019-2021-жылларда өзлестирилетуғын 281 мың гектар жерди интакерлерге мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бериў тәртибин пуқта ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Бул жерлерде экспортқа жарамлы мийўе-овощлар жетистириў, соның менен бирге, суўсызлыққа шыдамлы егинлердиң жаңа сортларын жаратыў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Өзлестирилген жерлердиң өнимдарлығын арттырыў  ҳәм мелиоративлик жағдайын ҳәм суў  тәмийнатын жақсылаў технологияларын енгизиў, усы мақсетлерге сарыпланатуғын қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў тәртибин қолланыў бойынша усыныслар алға қойылды.

Мәжилисте пайдаланыўға қаратылған жерлерди суў менен үзликсиз тәмийинлеў, буның ушын тек ғана суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Жер асты суўы резервин үйрениў мәселеси додаланып, Геология ҳәм минераллық ресурслар, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетлери, Суў хожалығы министрлигине суўғарылмайтуғын жерлерди ҳәм жайлаўларды суўғарыў ушын жарамлы болған жер асты суўы резервин анықлаў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў илажларын көриў бойынша усыныслар берилди.

Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға нызамсыз пайдаланыўдың алдын алыў бойынша тәсиршең илажларды белгилеў ҳәм бул бойынша қадағалаў системасын  қайта көрип шығыў тапсырылды.

Жер кадастры мағлыўматларының анықлығын тәмийинлеў ҳәм нәтийжели басқарыў мақсетинде бирден-бир автоматластырылған системаны иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте көрсетип өтилген мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА