Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-ноябрь күни БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер бойынша жәрдемшиси Мирослав Енча ҳәм Бас хаткердиң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Наталия Германды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Н.Германды БМШтың Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы басшысы лаўазымына тайынланғаны менен қутлықлады ҳәм жумысына табыслар тиледи. Өзбекистанның БМШ менен, атап айтқанда, жақынға шекем М.Енча басшылық етип келген Регионаллық орай менен бирге ислесиўи нәтийжели болып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Президентимиз 10-ноябрь күни Самарқандта жумыс баслайтуғын «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияны шөлкемлестириўде БМШ әҳмийетли орын ийелегенин атап өтти.

Өзбекистан дүнья жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында халықаралық процесслерде белсене қатнасып атырғаны, соның ишинде, жыйылып қалған мәселелерге әмелий шешим табыў, Орайлық Азияда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеў, регионның узақ келешекке мөлшерленген раўажланыўы бойынша анық усыныслар алға қойып ҳәм әмелге асырып атырғанын атап өтти.

Мийманлар БМШ ҳәм оның Бас хаткери Антониу Гутерриштиң атынан регионда қәўипсизликти ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша өткерилип атырған халықаралық форумның мақсети менен ўазыйпаларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Атап өтилгениндей, Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында жаслардың ҳуқықлары бойынша халықаралық конвенцияны ислеп шығыў, «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» резолюциясын қабыл етиў, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының турақлы кеңесиўлерин өткериў бойынша алға қойылған әҳмийетли басламалар жүзеге келген глобаллық ҳәм регионаллық машқалаларды шешиўге салмақлы үлес қосады.

Ушырасыўда, сондай-ақ, Өзбекистан ҳәм БМШ арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге байланыслы басқа да мәселелер додаланды.

ӨзА